Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2024-жыл 21-февраль күнги «Өзбекстан-2030» стратегиясын «Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында» ғы ПП-37-санлы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде, «Ўатан уллы, миннет муқаддес»  идеясы тийкарында Өзбекстан Республикасы Қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеми Қараөзек районы оқыў-спорт техника клубында «Әмир Темир избасарлары» атамасындағы интеллектуаллық таңлаўдың Қараөзек районлық басқышы болып өтти.

Онда район аймағында жайласқан улыўма орта билим бериў мектеплериниң 7-11-класс оқыўшыларынан ибарат топарлар,  өз билимлерин сынақтан өткерди ҳәм топарларға уллы сәркарда Әмир Темир ҳаққындағы китаплар тийкарында дүзилген сораўлар берилди.

Қызғын өткен таңлаў жуўмағында, 28-санлы мектептиң «Күш әдалатта» топары үшинши, 26-санлы мектептиң «Тербенбес» топары екинши орынларды ийелеген болса, сыйлы биринши орынды  1-санлы мектептиң «Қарабөрик»  топары жеңип алыўға миясар болды ҳәм таңлаўдың Қарақалпақстан Республикасы басқышына жолламаны қолға киргизиўге еристи.

Таңлаў соңында жеңимпаз болған топарлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен хошаметленип, оларға арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар тапсырылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги