Қазақстан ҳәм Россия Энергетика министрликлери арасында Кокшетаў ҳәм Семей қалаларында көмирде ислейтуғын ыссылық электр станцияларын қурыў бойынша бирге ислесиў жойбарларын жолға қойыў ҳаққында ҳүкиметлераралық келисимге қол қойылды, деп хабар берди ағайин мәмлекеттиң жуўапкер мәкемеси баспасөз хызмети.

– Усть-Каменогорскти де қосқанда, үш ўәлаятымыз үлкен көмир резервине ийе, – дейди министр Aлмасадам Саткалиев. – Демек, жаңа ыссылық электр станцияларын қурыў тармақтың және де раўажланыўына күшли түртки береди. Қазақстанның «Самрук-Энерго» AЖ ўәкилликли шөлкем сыпатында усы жылы биринши ИЭС жойбарын әмелге асырыўды баслаў бойынша тийисли «Жол картасы»ын әллеқашан қәлиплестирген.

 

ӨзА