«Пал мың дәртке даўа»,-деп халық тәўипшилиги бойынша Әбиў Әлий Ибн Сина   атап өткениндей, пал өнимин халқымыз нешше жыллардан берли шыпалы өним сыпатында пайдаланып келмекте. «Шаңарақ шыпакери»,-деп аталатуғын бул тилсимли жәнликтиң тилин билип, пал жетистириў менен шуғылланып атырған инсанлар арамызда көпшиликти қурайды.

Нөкис районы «Дийқан арна» МПЖ аймағында жасаўшы Бахтияр Джубаев пал ҳәрре бағыў менен бир неше жыллардан берли шуғылланып келмекте.

-Үлкемизде күн жылытып, ҳәррелеримиз ушып, гүллерге қонып, ҳәрекетке келип атыр. Бәҳәрдеги биринши  жумысымыз қутышаларды тексерип ишлерин ашып көрип, аналық туқым қойып атырма соларды анықлаймыз. Ҳәррелер февраль айының орталарынан баслап азғантай жерге туқым қойып баслайды. Соң күн жылытыўы менен туқым қойыў көбейе береди. Апрель, май айларында бир уядағы аналық мың, бир ярым мыңға шекем туқым қояды. Тийкарғы пал жыйнаў мапазы бул тәбиятқа байланыслы болып, апрель айының орталарында жийде, жигилдик, боян,  жантақ гүллеген гезлерине туўра келеди. Май айының  ақырында ящиктиң ишин толтырады. Ҳәр ящиктен жыл даўамында  жигирма килограммға шекем пал алыўға болады. Дәраматы жақсы. Усы мийнеттиң арқасында балаларымызды оқытып, оларға тойлар берип, жай салып, машын алып  дегендей жақсы нийетлерге жумсап атырмыз,-дейди биз бенен сәўбетте болған Б.Джубаев.


Бахтияр ағаның ҳәрре бағыўында перзентлери, ақлықлары қол-қанаты. Сондай-ақ, шәкиртлери де оннан ҳәрре бағып, пал алыў сырларын үйренип келмекте. Ҳәр жылы бул өнер менен шуғылланаман деп келген қызығыўшы шәкиртлерине  5, 10  қутыға шекем ажыратып бермекте. Соңғы жыллары Президентимиз тәрепинен пал ҳәрре бағыўды жетилистириў бойынша елимизде алып барылып атырған илажлар нәтийжесинде  тәжирийбе алмасыў семинарлары, таңлаўлар  өткерилип келинбекте. Бахтияр аға бундай илажларға белсене қатнасып, сертификатлар, Ҳүрмет жарлықларын алыўға миясар болды.

Г.Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги