Ташкент қаласында 2018-жыл 17-март күни болып өткен Аўғанстан бойынша халықаралық конференция даўамында ерисилген келисимлерге муўапық, Өзбекстан Республикасы усы елдеги жағдайды турақлыластырыў ҳәм оны социаллық-экономикалық раўажландырыўға көмеклесиўге қаратылған ҳәрекетлерди даўам еттирмекте.
Өзбекстан өткен дәўир ишинде, Аўғанстан ҳүкимети, АҚШ, ҚХР, Россия, Халықаралық сөйлесиў топарына ағза еллер, Евроазия регионы, Қубла Азия, Орта ҳәм жақын Шығыс мәмлекетлериниң ўәкиллери менен бул бағдарда бир қатар мәсләҳәтлесиў ушырасыўлары ҳәм сөйлесиўлер өткерди.
Атап өтиў керек, Аўғанстан бойынша форум шеңберинде бир ҳаўаздан қабыл етилген, регионаллық ҳәм глобаллық көлемде тынышлыққа ерисиў, терроризмге ҳәм наркотик затлардың нызамсыз айланысына қарсы гүресиў, сондай-ақ, регионаллық экономикалық бирге ислесиўди жолға қойыўға қаратылған биргеликтеги ҳәрекетлерди нәзерде тутатуғын Ташкент декларациясы бул бағдардағы жумысларды әмелге асырыў ушын әҳмийетли сиясий ўақыя болып хызмет етпекте.
Соның менен бирге, Ташкент конференциясы қатнасыўшылары улыўма позициясын жүзеге шығарыў мақсетинде Өзбекстан тийисли байланыслар орнатып, Талибан ҳәрекетиниң жоқары мәртебели ўәкиллери менен әмелий ушырасыўлар өткерди. Ушырасыўларда Аўғанстанда узақ мүддетли тынышлық-турақлылық орнатыў ҳәм елимизди экономикалық раўажландырыўға қаратылған сөйлесиўлер ҳәм өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалары додаланды.
Соннан келип шығып, Өзбекстан Аўғанстан ҳүкимети ҳәм Талибан ҳәрекетиниң Рамазан ҳайыты белгилениўи мүнәсибети менен өз-ара оқ атыўды тоқтатыў тәртибин енгизгенин мақуллайды. Өзбекстан бул жарасыў Аўғанстан Президенти Ашраф Ғанидиң оқ атыўдың тоқтатыў тәртибин создырыў ҳаққындағы қарарына әмел еткен ҳалда мүддетсиз түс алыўына үмит етеди.
Орнатылып атырған жағдайды есапқа ала отырып, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасының басламасына тийкарланып, Сыртқы ислер министрлиги тынышлық процесиниң барлық басқышларында Өзбекстан аймағында Аўғанстан ҳүкимети ҳәм Талибан ҳәрекети арасында тиккелей сөйлесиўлер шөлкемлестириў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға ҳәр тәреплеме таяр екенин тастыйықлайды.
Ташкент қаласы,
2018-жыл 18-июнь