Президент Шавкат Мирзиёев 8-апрель күни санааттыӊ жоқары технологиялық тармақлары, аўыл хожалығы ҳәм басқа бағдарларда әмелге асырылып атырған жойбарлар, мәҳәллелерде халықтыӊ дәраматларын арттырыў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен танысыў, жаӊа кәрханалардыӊ қурылысына старт бериў, социаллық-экономикалық раўажланыўдыӊ әҳмийетли ўазыйпаларын додалаў мақсетинде Жиззақ ўәлаятына барды.

Биринши мәнзил Фориш районындағы “Basalt Uzbekistan” кластери болды.

Фориш аймағы бойынша ўәлаяттағы еӊ үлкен район. Бирақ, жерден пайдаланыўдыӊ нәтийжелилиги әдеўир төмен еди. Дала ҳәм жайлаўларда, тийкарынан, шарўа бағылып, санаат кәрханасы жоқ еди.

Жети жыл алдын Форишқа санаат кирип келди – Олмосай кәнинен базальт тасын қазып алып, оннан талшық таярлаў жолға қойылды. Сийрек ушырасатуғын, инновациялық технология тийкарында қурылыс санааты ушын әҳмийетли болған арматура ҳәм сеткалар ислеп шығарыла басланды.

Мәмлекетимиз басшысы 2019-жыл январь айында бул кәрханаға барып, оныӊ жумысын және де кеӊейтиў, өнимлердиӊ түрин көбейтиў бойынша көрсетпелер берген еди.

Сол тийкарда базардағы талап, шийки зат алынатуғын кәнлер үйренилди. Германия, Франция, Италия, Чехия сыяқлы мәмлекетлерден еӊ заманагөй технологиялар алып келинди. Нәтийжеде 300 гектар майданда улыўма баҳасы 498 миллион долларлық алты жойбар шөлкемлестирилип, кәрхана кластерге айланды.

Мәмлекетимиз басшысы шийки зат таслары ҳәм таяр өнимлерди көзден өткерди.

Кластерде жылына 177 мыӊ тонна базальт тасынан арнаўлы талшық, директ ровинг, фибра, арматура, композит гоесетка, қубырлар, материал ҳәм ыссылық-изоляция плиталары сыяқлы 42 түрдеги өним ислеп шығарылмақта. Атап айтқанда, өткен жылы 45 мыӊ тонна 554 миллиард сумлық өним таярланды. Оларға дүньяда талап жоқары. Өнимлердиӊ 80 проценти АҚШ, Англия, Польша, Италия, Чехия, Грузия, Россия, Түркия, Беларусь, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилген.

Кластерде 1 мыӊ 700 ден аслам адам жумыс пенен тәмийинленген

Қәнигелердиӊ айтыўынша, базальттан таярланған қурылыс материаллары тат баспайды. Жеӊил, бирақ беккем. Бетон араласпаларыныӊ силтили орталығына, дузлы ҳәм кислота араласпаларына шыдамлы. Дийўалға базальт материалын қолланыў беккемликти арттырады, имаратта ыссылықты жақсы сақлайды. Жаныўшаӊ емес екени және бир әҳмийетли тәрепи. Соныӊ менен бирге, өнимниӊ баҳасы да салыстырмалы арзан.

Бул өнимлерди коммунал хожалығы, автомобиль қурылысы, тоқымашылық, нефть-газ ҳәм басқа тармақларда қолланыў бойынша презентация етилди.

Президентимиз буныӊ абзаллықларын исбилерменлерге түсиндириў, олардыӊ өз-ара бирге ислесиўин раўажландырыў бойынша көрсетпе берди. Жаӊа мәмлекетлерге сапа сертификатларын алып, сыртқы базарға шығыўын және де жеделлестириў, халықаралық қурылыс ҳәм санаат компаниялары менен бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүрлигин атап өтти.

Келеси жылы кластердиӊ кәрханаларынан бири – “Басфибер трейд” тәрепинен жылына 25 мыӊ тонна базальт тасынан талшық ҳәм материал ислеп шығарыў қуўатлығы жаратылады. Ҳәзирги ўақытта 145 миллион долларлық зәрүр үскенелер келтирилген. Бул жаӊа жойбар тийкарында ислеп шығарылған өним ишки талапты қаплаў менен бир қатарда, 90 проценти экспортқа қаратылады.

Жуўапкерлерге усы жердиӊ өзинде 500 миллион долларлық, қосымша қун жоқары болған 20 түрдеги жаӊа жойбарларды жайластырыў ўазыйпасы қойылды. Нәтийжеде қосымша 2 мыӊ жумыс орны пайда болады.

Мәмлекетимиз басшысы Шараф Рашидов районында қурылып атырған “Жаӊа Өзбекстан” массивин барып көрди.

Ўәлаятта алдын бундай кеӊ көлемли қурылыслар болмаған еди. Соӊғы жыллары онлаған заводлар иске қосылды, жаӊа санаат тармақлары пайда болды. Соған жараса социаллық инфраструктура да қурылмақта.

Шараф Рашидов районыныӊ бул аймағы таў жанбаўырында, оннан дерлик пайдаланылмайтуғын еди. Ҳәзир 140 гектарлық үлкен майданда жедел қурылыс кетпекте. Жойбар үш басқышлы болып, 3 мыӊ 936 квартиралы 105 көп қабатлы жай қурылыўы режелестирилген. Жайлар 9, 12 ҳәм 16 қабатлы болып, бул да Жиззақ шараятында жаӊалық.

Ҳәзирги ўақытта биринши басқыш шеӊберинде 204 квартиралы 4 көп қабатлы жай, орайлық қазанхана, шоурум ҳәм ишки жоллар қурылған. Және 16 турақ жай, мектеп ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми, саўда орайы қурылады. “Инно техно парк” халықты жумыс пенен тәмийинлеўде жәрдем береди.

Екинши басқыш 2026, үшиншиси 2028-жылларға режелестирилген. Онда жайлардан тысқары мәҳәлле орайлары, поликлиника, мешит, мийманхана, балалар ҳәм спорт майданшалары, “Жаӊа Өзбекстан” бағы қурылады. Бос майданларға да тереклер егилип, қыябанларға айландырылады.

Мәмлекетимиз басшысы быйылғы режелестирилгенине қосымша жайлар қурып, жеӊилликли ипотека кредитлери арқалы халыққа сатып алыў имканиятларын жаратыў бойынша көрсетпелер берди. Усыған пропорционал түрде инфраструктура тармақлары, мектеп, балалар бақшасы сыяқлы социаллық мәкемелердиӊ қурылысын жеделлестириў, саўда ҳәм хызметлерди, атап айтқанда, жол бойында улыўмалық аўқатланыў шақапшаларын шөлкемлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Жиззақ ўәлаятында  үш усындай массив қурылмақта. Оларда 4 мыӊ 700 квартираға ийе 156 көп қабатлы жай қурылады. Халық барлық социаллық хызметлер менен тәмийинленеди. “Жаӊа Өзбекстан” массивлерин қурыў ҳәрекети Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2021-жыл 9-декабрьдеги пәрманына муўапық басланған. Улыўма, мәмлекетимизде 53 массивте қурылыс жумыслары алып барылмақта. Бүгинги күни 14 мыӊ 400 квартиралы 409 көп қабатлы жай пайдаланыўға тапсырылды. Быйылғы жылы бундай массивлерде 31 мыӊ 447 квартирадан ибарат 767 турақ жайлар қурылыўы белгиленген.

Президент Шавкат Мирзиёев Шараф Рашидов районындағы Туёқли мәҳәллесинде болып, халықтыӊ турмыс шараяты ҳәм дәраматлары менен қызықты.

Мәҳәллелердеги имканиятларды иске қосып, халықтыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бүгин мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген. Онда еӊ қолайлы ҳәм ҳәммеге мақул болған  имканиятлардан бири қыйтақ жерден пайдаланыў болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ быйыл 5-марттағы “Халық шаӊарақларында санаат усылында өним ислеп шығарыўды қоллап-қуўатлаў ҳәм қыйтақ жер менен дийқан хожалықларында жаӊа резервлерди иске қосыўға байланыслы илажлар ҳаққында”ғы қарарында үлкен имканиятлар белгиленди.

Бундай факторларды Туёқли мәҳәллесинде де көриў мүмкин. 678 шаӊарақтыӊ дерлик ҳәммесинде қыйтақ жер бар. Олардыӊ жәми майданы 36 гектар. Мийўели тереклер, жүзим ҳәм палыз өнимлери жақсы өним береди. 314 шаӊарақтағы ыссыханаларда палыз егинлери ҳәм гүл нәллери жетистириледи.

Мәмлекетимиз басшысы усы жерде жасайтуғын Абдумўмин Каримовтыӊ шаӊарағын кирип көрди.

Үйдиӊ қыйтақ жери 12 сотих, соннан 7 сотихында ыссыхана қурылған. Буннан тысқары, қарамал, таўық, пал ҳәррелери бағылады. Шаӊарақ ийеси руўзыгершиликке қолайлы егинлер жетистирип, жылына 200 миллион сумнан аслам дәрамат алып атырғанын айтып берди.

– Орташа мәҳәлледеги усы әпиўайы шаӊарақ мысалында көрип атырмыз, шаӊарақтыӊ өзинде ҳәрекет болса, жақсы дәрамат тапса болады. Халықтыӊ ықтыярында қыйтақ жерлер, оннан пайдаланаман деген инсанлар да көп. Тек оларға жәрдем бериў зәрүр. Мысалы, жергиликли кәрханаларды тартып, ыссыхана қурылмалары, воиш, пал ҳәрреси, нәл, туқымлық ҳәм азықлықларды бир пүтин топлам етип, арзан баҳада жеткерип бериў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президент усы жерде «мәҳәлле жетилиги» менен сәўбетлести. Орынлардағы имканиятларды толық иске қосыў арқалы шаӊарақлардыӊ дәраматын, сатып алыў қәбилетин арттырыў ҳаққында сөз болды. Бул олардыӊ турмысыныӊ сапасында, саламатлығында, перзентлериниӊ кәмалатында көринип, жәмийеттиӊ раўажланыўына үлес болып қосылатуғыны атап өтилди.

Буннан соң, Президент Шавкат Мирзиёев “ADM Jizzakh” автомобиль заводының жумысы менен танысты.

Алдынлары Жиззақ ўәлаяты санаат көрсеткишлери ең төмен болған аймақлардан бири еди. Бүгинги күни ҳәр бир районға санаат кирип барды.

Ўәлаят санаатын раўажландырыўда “Жиззах” еркин экономикалық зонасы үлкен орын ийелемекте. Ол өним ислеп шыгарыў бойынша республикада үшинши, экспорт көлеми бойынша болса алтыншы орында турады. Кейинги жыллары оның жумысы жетилистирилип, өндириске қолайлық кеңейтилди. Бүгинги күнде санаат зонасында 33 жойбар әмелге асырылып, 7 мың 670 адам ислемекте.

“ADM Jizzakh” жуўапкершилиги шекленген жәмийети санаат зонасында нәтийжели жумыс алып барып атырған кәрханалардан бири. Ол 2021-жылы шөлкемлестирилген. Өткен үш жылда “Kia”, “Chery” ҳәм “Haval” брендлери астында 23 түрдеги 36 мың автомобиль ислеп шыгарылған.

Жойбар шеңберинде 234 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржылар өзлестирилип, 1 мың 800 жумыс орны жаратылды.

Биринши басқышта ири узельли жыйнаў жолға қойылған еди. Бир ўақыттың өзинде заводты кеңейтиў бойынша жумыслар алып барылып, усы жылы март айында жаңа имарат ҳәм қуўатлар иске қосылды. Яғный, жоқары технологияларды тартқан ҳалда штамплаў, кепсерлеў, бояў ҳәм жыйнаўды қамтып алатуғын өндирис процеси шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиз басшысы заводтағы өндирис процесин толық көзден өткерди.

Кәрхана жоқары технологиялы үскенелер менен тәмийинленген. Олар Қубла Корея, Япония ҳәм Германия сыяқлы мәмлекетлерден алып келинген. Заводта 30 робот бар, өндирис процеси 33 процент автоматластырылған. Автомобильдиң жоқары бөлеклериниң сазлыгы, статикалық ҳәм динамикалық тормоз системасын тексериў үскенелери орнатылған.

Президентимиз заводта локализациялаў дәрежесин арттырыў, мәмлекетимиз санаат кәрханалары менен кооперацияны кеңейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Бул бағдардағы жумыслар басланған. 2024-2027-жыллары 348 түрдеги комплектлеўши бөлеклерди локализациялаў режелестирилген. Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимиздеги 21 кәрхана менен кооперация системасы жолға қойылған.

Улыўма, кәрханада жылына 100 мың дана жеңил автомобиль ислеп шыгарыў қуўатлыгы жаратылады. Нәтийжеде, келешекте жумыс орныларының саны 3 мыңға жеткерилиўи нәзерде тутылған.

Автомобильлердиң сапасын және де арттырыў мақсетинде Қубла Корея, Ҳиндстан, Қытай ҳәм Вьетнам мәмлекетлеринен маман қәнигелер тартылды. Бул бағдарда сырт елли бирге ислесиўшилер менен усы жылдан баслап дәслеп 50 инженер Қубла Корея ҳәм Ҳиндстан изертлеў ҳәм жойбарлаў орайларында қәнигелигин арттырыўға жиберилиўи белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы заводта ислеп шыгарыў басланған жаңа “Kia Sonet” автомобилин көрди.

Соӊғы бес жылда Жиззақ ўәлаятына 4 миллиард доллардан аслам инвестициялар кирип келген. 50 триллион сумлық санаат өнимлери ислеп шығарылып, 861 миллион долларлық экспорт етилген.

Быйыл ўәлаятта 2 миллиард долларлық 400 жойбар әмелге асырылмақта. Оларда 11 мың жаңа жумыс орны ашылады.

Мәмлекетимиз басшысына бул тараўдағы режелер таныстырылды. Сырт елли инвестор ҳәм жергиликли исбилерменлер 6 миллиард 100 миллион долларлық 50 жойбарды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Жойбарларл таў-кән, машина қурылысы, электр техникасы, химия, тоқымашылық, азық-аўқат, аўыл хожалығы, медицина ҳәм фармацевтика сыяқлы талап жоқары тараўларда. Әҳмийетлиси, олардың нәтийжесинде дерлик 20 мың жаңа жумыс орны жаратылады.

Президентимиз инвесторларға жойбарларды әмелге асырыўда әўмет тиледи. Жуўапкерлерге олардыӊ орынланаўын айрықша қадағалаўға алыў тапсырылды.

Өзбекстан Президенти Жиззақ ўәлаятына сапары даўамында санаат ҳәм энергетика жойбарларыныӊ басланыўына бағышланған мәресимде қатнасты.

Мәмлекетимиз басшысы сөзиниӊ басында ҳәммени жақынласып киятырған Рамазан ҳайыты менен қутлықлап, халқымыз мәпи жолындағы ҳәрекетлерге қайыр-берекет тиледи.

Бизлерге белгили, санааттыӊ раўажаланыўы турақлы энергетикаға байланыслы. Соныӊ ушын бул еки тараў пропорционал раўажландырылмақта. Тек ғана 2023-жылы мәмлекетимизде 4 мыӊ 600 санаат кәрханалары иске қосылды. Санаат 6 процентке өсип, 656 триллион сумлық өнимлер ислеп шығарылды.

Улыўмалық қуўатлығы, 2,4 гигаватт болған 7 ири ыссылық, қуяш ҳәм самал электр станциялары тармаққа жалғанды. Буннан тысқары, 14 миллиард долларлық сырт ел инвестициялары есабынан 12 гигаваттлы 31 электр станциясы қурылмақта. Быйыл Наўайы, Бухара, Наманган, Ташкент ҳәм Қашқадәрьяда 2,6 гигаватт қуўатлықлар тармаққа жалғанады. Улыўма алғанда, альтернатив энергетиканы раўажландырыў есабынан усы жылы “жасыл” энергияныӊ генерациядағы үлеси 30 процентке жетеди.

– Биз бул жумысларды халқымызға мүнәсип турмыс шараяты ҳәм санаатымыздыӊ раўажланыўы ушын үзликсиз энергия тәмийнатын жаратыў мақсетинде әмелге асырып атырмыз. Бул барлық аймақларда жақсы дәстүрге айланып үлгерди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жиззақ ўәлаятында да бундай жойбарлар көп. Олардан бири – Ғаллаарал районында қурылатуғын, металлургияға қәнигелескен санаат зонасы. Ол жерде 500 миллион долларлық 7 жойбар әмелге асырылады. Атап айтқанда, арматура, полат шарлар, қубырлар, автомобиль кузовы ҳәм арнаўлы техникалар ислеп шығарыў жолға қойылады. Аймақта бажыхана қоймаханасы да болады. Жәми 5 мыӊ жумыс орны жаратылады.

Екинши жойбар – Фориш районында Қытайдыӊ “China Poly Group” ҳәм “China Electric” компаниялары менен биргеликте қурылатуғын қуяш электр станциясы. 350 миллион долларлық бул комплекс 500 мегаватт қуўатлыққы ийе болады. Онда жылына 1,1 миллиард киловатт “жасыл” энергия пайда етиледи. Бул 450 мыӊ шаӊарақтыӊ энергия тәмийнаты жақсыланады, дегени. Станцияныӊ дәслепки 200 мегаватт қуўатлығы усы жылдыӊ ақырында тармаққа жалғанады.

Президент Шавкат Мирзиёев символикалық түймени басып, бул еки комплекстиӊ қурылысын баслап берди.

Жақын жылларда Шараф Рашидов, Фориш ҳәм Ғаллаарал районларында және 1 мыӊ 660 мегаваттлы ыссылық, самал ҳәм қуяш электр сстанциялары да қурылады. Булар халықтыӊ турмыс дәрежесин арттырып, экономиканыӊ раўажланыўына қосымша түртки болады.

Соӊ Президент Шавкат Мирзиёев “BMB Holding” компаниясыныӊ Шараф Рашидов районындағы агрологистика комплексин барып көрди.

Мәмлекетимизде аўыл хожалығы экспортыныӊ потенциалы жоқары. Онда өнимлерди жыйнаў, сақлаў, қайта ислеў ҳәм сатыўдыӊ барлық басқышларын қамтып алған агрологистика орайлары оғада әҳмийетли.

“BMB Holding” компаниясыныӊ өткен жылы декабрь айында иске қосылған комплекси де солардан бири. Бул жойбардыӊ улыўмалық баҳасы 57 миллион доллардан аслам. Комплекс жылына 10 мыӊ тонна аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм 8 мыӊ тоннаны дәслепки қайта ислеў имканияты бар. 180 адам турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы жумыс процеси ҳәм экспортқа таяр өнимлерди көзден өткерди.

Логистика орайына мийўе-овощ өнимлери Жиззақ ўәлаяты ҳәм қоӊсы аймақлардан алып келинеди. Өткен жылы “BMB Holding” системасындағы агрокластер тәрепинен 1 мыӊ 200 ден аслам фермерден шәртнама тийкарында 16 түрдеги 52 мыӊ тоннадан аслам өним алынды.

Усы жылы Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында 2 мыӊ 485 халық қыйтақ жерлери менен кооперация тийкарында шәртнама дүзиледи. Сондай-ақ, 4 мыӊға шамалас фермер хожалығыныӊ 14 мыӊ 500 гектар майданында аўыл хожалығы өнимлери жетистириледи. Буныӊ нәтийжесинде кластер тийкарында қосымша 32 мыӊнан аслам мәўсимлик жумыс орны жаратылады.

Комплексте фитосанитариялық ҳәм санитария-эпидемиологиялық сертификатлаў лабораториясы, бажыхана ҳәм банк филиаллары, хостел шөлкемлестирилген. Лаборатория Россия, Қытай, АҚШ ҳәм Герммания мәмлекетлеринен алып келинген 34 еӊ заманагөй үскене менен тәмийинленген.

Карантин хызметкерлери усы жердиӊ өзинде өнимлерди тексериўден өткереди. Әҳмийетлиси, олар тәрепинен рәсмийлестирилген фитосанитариялық сертификат 119 мәмлекет тәрепинен тән алынады.

Усы сыяқлы имканиятлардыӊ бар екени кәрхананыӊ экспорт потенциалы ҳәм географиясын арттырмақта. Бүгинге шекем Қазақстан, Пакистан, Россия Федерациясы ҳәм Қытайға шама менен 43 миллион долларлық өним жиберилди. Быйылғы жылдыӊ жуўмағы бойынша экспорт көлемин 58 миллион долларға жеткериў режелестирилген.

Президентимиз бундай агрологистика орайларын басқа аймақларда да көбирек шөлкемлестирип, оларға турақлы атызларды ҳәм мәҳәллелерди бириктириў зәрүрлигин атап өтти. Бул исбилермен ушын жетерли өним, халық ушын кепилликли сатып алыў имканиятын береди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, 2017-жылы шөлкемлестирилген компанияныӊ қурамында бүгин 4 биргеликтеги ҳәм 26 филиал кәрхана бар. Экономиканыӊ түрли тараўларында шама менен 1 миллиард 500 миллион долларлық инвестициялық жойбарлар әмелге асырылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан ҳәм Италия арасындағы “BMB Opera Zafferano” биргеликтеги кәрханасы тәрепинен 400 гектарлық шафран плантациясы жаратылды. Жетистирилген өнимлер USDA ORGANIC сертификатына ийе болып, Италия, Австрия, Голландия, Франция, Қубла Корея, Саудия Арабстаны сыяқлы мәмлекетлерге экспорт етилмекте. АҚШ базарына кириў ушын да FDA рухсатнамасы берилген.

Келеси жылы бул жойбардыӊ баҳасы 80 миллион евроға жеткерилип, шафран жетистириў көлеми 1,8 тоннадан 20 тоннаға арттырылады. Мәмлекетимиз басшысы бул режелерди мақуллап, шафран майданлары ҳәм экспортын көбейтиў бойынша көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёев Жиззақ қаласында қурылған Киберспорт аренасында жаслар менен ушырасты.

Мәмлекетимиз басшысыныӊ 2022-жыл 16-ноябрьдеги қарарына муўапық, киберспорт түрлери ғалаба ен жаймақта. Атап айтқанда, Жиззақ қаласында бурынғы теннис корты имараты орнында киберспорт аренасы шөлкемлестирилди. 1 мыӊ 200 тамашагөйге мөлшерленген тийкарғы зал заманагөй жағдайға келтирилди. Сондай-ақ, бул жерде 12 оқыў ҳәм шынығыў ханалары, мәжилислер залы, 35 орынлық жатақхана ҳәм кафетерий бар.

Арена универсал болып, бокс, гүрес, баскетбол, стол тенниси, шахмат, шашка бойынша халықаралық беллесиўлерди, “Бес баслама” илажларын да өткериў мүмкин. Комплекс қурамындағы IT академиясында жасларға компьютер саўатлығы, шет тиллер, графикалық дизайн, программаластырыў, робототехника ҳәм басқа бағдарлар оқытылады. Бул тараўда қәнигелер таярлаў бойынша “Муҳаммад ал-Харезмий әўладлары” системасын әмелге асырыў режелестирилген.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде киберспорт, шахмат, “Заковат” интеллектуаллық ойынлары, баскетбол беллесиўлерин бақлады, жаслар менен сәўбетлести.

– Бүгин Жиззақтыӊ көп орынларында болдық, жаӊа жойбарларды басладық. Әлбетте, ўәлаяттыӊ экономикасы, раўажланыў көлеми алдынғыдан әдеўир жоқары. Бирақ, еӊ әҳмийетли жетискенлик – жасларымыздыӊ ҳәрекети, нийети, өзине исеними. Биз белгилеп алған Стратегияны, үлкен шеклерди усындай жаслар менен әмелге асырамыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сапар даўамында жуўапкерлер арена жумысына байланыслы режелер ҳаққында айтып берди. Атап айтқанда, жәҳән чемпионатларында қатнасыў ушын түрли дәрежедеги турнирлердиӊ жеӊимпазлары менен дослық беллесиўлери өткериледи.

Ҳәр бир бағдар бойынша инталы жасларды анықлап, оларды профессионал спортқа бағдарлаў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёевтиӊ Жиззақ ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

Абдужалол ҚАЮМОВ,

ӨзА