Шымбай районында усы жылдың зүрәәти ушын шигит егиси мапазы басланыўына байланыслы аймақлық көргизбели семинар болып өтти.
Оған республикамыздың арқа районлары ҳәкимлери, тараўға жуўапкер шөлкемлер, пахта кластерлери кәрханаларының басшылары, тийисли ўәкиллер қатнасты.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев шығып сөйлеп, соңғы жыллары ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға айрықша итибар қаратылып атырғанлығын атап өтти. Сондай-ақ, шигит егисиниӊ сапалы усыллары, дийқан-фермерлер итибар қаратыўы лазым болған әҳмийетли ўазыйпаларға тоқтап, олардыӊ алдағы ислерине табыслар тиледи.
Президентимиздиң айрықша итибары менен тек ғана Қарақалпақстан ушын бир қатар қарар ҳәм пәрманлар қабыл етилмекте. Атап айтқанда, быйылғы жылдың 9-февраль күни Қарақалпақстанды ҳәр тәреплеме раўажландырыў бойынша айрықша қарар қабыл етилди.
Бул қарар менен республикамыз халқы ушын бурын болмаған жаңа имканиятлар ҳәм жеңилликлер жаратып берилди. Усындай имканиятлар нәтийжесинде быйылғы жылдың өзинде республикамызға қысқа ўақыт ишинде аўыл хожалығы ушын оғада әҳмийетли есапланған техникалар ҳәм агрегатлар алып келинбекте.
Өткерилген әҳмийетли илажда усындай имканиятлар атап өтилип, шығып сөйлеўшилер егис мапазын қысқа мүддетте сапалы өткериў бойынша пикир-усынысларын билдирди. Нураний аталардың дуўасы менен усы күни майданларға дәслепки шигит себилди.
Көргизбели семинарға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов қатнасты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги