Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң мирәт етиўине бола Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев 5-апрель күни сапар менен мәмлекетимизде болды.
Өзбекстан Орайлық Азия мәмлекетлери, соның ишинде, Қазақстан менен өз-ара исеним ҳәм жақсы қоңсышылыққа тийкарланған қатнасықларды раўажландырыў жолынан бармақта. Халықларымыз тек ғана жақсы қоңсы емес, ал туўысқан сыпатында көп тәреплеме бирге ислесиўдиң барлық мәселелери бойынша әзелден бир-бирин түсинип, қоллап-қуўатлап келген. Мәмлекетлеримиз жақсы қоңсы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўши сыпатында раўажланыў жолынан ийинлес бармақта.
Еки мәмлекет халықаралық сиясат мәселелеринде бир-бирин қоллап-қуўатлап, халықаралық шөлкемлер – БМШ, ШБШ, ҒМДА, Экономикалық бирге ислесиў шөлкеми, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, Түркий мәмлекетлер шөлкеми, Аралды қутқарыў халықаралық қоры ҳәм басқа да шөлкемлер шеңберинде нәтийжели бирге ислеспекте. Регионаллық ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе көплеген мәселелер бойынша тәреплердиң позициялары уқсас.
Бүгинги күнде Өзбекстанда 1250 ден аслам Қазақстан кәрханасы, Қазақстанда болса өзбек капиталының қатнасыўында 1400 ден аслам компания жумыс алып бармақта. Өзбекстан – Қазақстан бирге ислесиўин раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларынан және биреўи, бул – транспорт коммуникациялары тараўы болып есапланады. Мәмлекетлеримиз автомобиль ҳәм темир жоллары өз-ара интеграцияласқан. Бул әҳмийетли байланыс тармағы үшинши мәмлекетлер ушын транзит ўазыйпасын атқарып атыр. 2023-жылы темир жол транспортында халықаралық тасыў көлеми 23,46 миллион тонна, автомобиль транспортында 2,1 миллион тонна, ҳаўа транспортында болса 90 мың тоннаны қурады.
Ески Хийўа қаласында Президентлер Шавкат Мирзиёев ҳәм Қасым-Жомарт Тоқаев ушырасыў өткерди.
Онда Өзбекстан менен Қазақстан арасындағы стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, ҳәр тәреплеме әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери додаланды.
Кооперация жойбарларын жеделлестириў, бурын жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерге муўапық инвестициялық келисимлер ҳәм саўда шәртнамаларын әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды.
Мәмлекет басшылары машина қурылысы, энергетика, транспорт ҳәм логистика, кәншилик, тоқымашылық, азық-аўқат санааты ҳәм басқа да тармақлардағы биргеликтеги жойбарларды алға қойыў бойынша Бас министрлердиң орынбасарлары, Ҳүкиметлераралық комиссия жанындағы жумысшы топарлар басшыларының есабатларын тыңлады.
Президентлер товар алмасыўды көбейтиў, санаат кооперациясы бойынша узақ мүддетли бағдарламаны қәлиплестириў ҳәм транспорт ҳәм энергетикада инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық тапсырма берди.
Усы жылы Санаат кооперациясы халықаралық орайын шөлкемлестириў бойынша әмелий жумысларды баслаў, биргеликте сыртқы саўда компаниясының жумысын кеңейтиў әҳмийетли екени атап өтилди.
Гуманитар ҳәм туризм байланысларын раўажландырыў, жаслардың қатнасыўында мәденият, билимлендириў ҳәм спорт тараўларында биргеликте илажлар өткериў мәселелери ҳәр-тәреплеме додаланды.
Регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер, соның ишинде, суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў, Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының Мәсләҳәт ушырасыўы шеңбериндеги бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы бойынша пикир алысты.
Еки ҳәм көп тәреплеме түрдеги болажақ биргеликтеги илажлар режеси көрип шығылды.
Ушырасыў ҳәр қашанғыдай ашық, қызғын ҳәм дослық орталығында өтти.
Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Президент Қасым-Жомарт Тоқаев «Хийўа гилемлери» комбинатына барды.
2020-жылы шөлкемлестирилген баҳасы 24 миллион доллар муғдарындағы бул кәрхана жылына 4,2 миллион квадрат метр гилем ҳәм гилем өнимлерин ислеп шығарады. Өнимлер АҚШ, Қытай, Россия, Қазақстан ҳәм ҒМДАның басқа да мәмлекетлерине экспорт етилмекте.
Комбинатта Германия, Бельгия, Австрия, Швейцария, Италия, Франция ҳәм Түркиядан келтирилген заманагөй үскенелер орнатылған. 750 жумысшы мийнет етпекте.
Президентлер кәрхананың өндирис процеси ҳәм шоурумы менен танысты, комбинат аймағында шөлкемлестирилген «Made in Uzbekistan» бренди астындағы өнимлер көргизбесин көзден өткерди.
Жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға өз-ара тәжирийбе алмасыў, кооперация ҳәм саўданы раўажландырыўға көрсетпе берилди.
Қазақстан Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында ески Хийўаның Ийшан-қала комплексиниң тарийхый естеликлери ҳәм Нурыллабай сарайын зыярат етти.
«Ашық аспан астындағы музей» сыпатында танылған Хийўа тутас естелик сыпатында Орайлық Азияда сақланып қалған бирден-бир қала болып есапланады. Бул жерде 120 дан аслам архитектуралық зыярат етиў орынлары жайласқан.
1990-жылы Хийўа қаласы ЮНЕСКОның Дүнья жүзи мийрасы дизимине киргизилген. 1997-жылы оның 2500 жыллығы белгиленген. 2020-жылы қала Түркий дүньяның мәдений пайтахты деп жәрияланды, 2024-жылы болса ислам дүньясының туризм пайтахты болды.
Нурыллабай сарайы ХХ әсирдиң басларында қурылған. Комплекс медресе, 100 ден аслам ханалар, галереялардан ибарат. Сарай ханаларын безеўде тек ғана хийўалы шебер усталар емес, ал сырт елли художник-декораторлар да қатнасты, олар сарайдың шығысқа тән көриниси Европаның модерн усылын сиңдирди. Ханалардың ишки көриниси, каминлары, Венеция айналары ҳәм алтын люстралары жалатылған бронзадан исленген, хрусталлы илдиргишлери менен ажыралып турады.
Хийўа тарийхы ҳәм оның илимниң раўажланыўына қосқан үлеси, сондай-ақ, аймақтың бай мәденияты ҳәм көркем өнери ҳаққындағы гүрриңлер қазақстанлы мийманларда үлкен тәсир қалдырды.
Соның менен Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаевтың Өзбекстанға сапары жуўмақланды.
ӨзА