Өзбекистан  Республикасы Орайлық банкиниң қуны 50000 сум болған пул белгилерин айланысқа шығарыў ҳаққында

2017-жылдың 22-августынан баслап Өзбекистан  Республикасы Орайлық банки қуны 50000 сум болған банкнот көринисиндеги жаңа пул белгилерин айланысқа шығарады.

Өзбекистан  Республикасы Орайлық банкиниң қуны 50000 сум болған пул белгилери 144 х 78 мм. өлшемдеги қорғалған қағазда таярланған.

Банкноттың оң тәрепиндеги кең ақ реңдеги майданында Өзбекистан  Республикасы Герби ҳәм «50000» саны көринисинде суў белгиси бар.

Ақ реңдеги майданның шеп тәрепинен қағаз қатламында «Айна» ҳәм «3D» эффектли бетине шығып, ишине қарай бататуғын ени 4 мм. болған қорғаныў жиби өткерилген.

Банкноттың алдыңғы тәрепиниң орайында Мустақиллик майданындағы «Эзгулик» аркасының төбесинде ушыўға таяр ләйлеклер сүўретленген.

Шеп жағының жоқарғы бөлегинде «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI MARKAZIY BANKI» жазыўы бар. Бул текст «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI» сөз бирикпели тәкирарланатуғын микротекстли сызық пенен ажыратылған.

Микротекстли сызықтың астында «O‘ZBEKISTON SO‘MI RESPUBLIKA HUDUDIDA HAMMA TO‘LOVLAR UCHUN O‘Z QIYMATI BO‘YICHA QABUL QILINISHI SHART» тексти сүўретленген.

Текстиң астында тойғын жасыл реңдеги Өзбекистан Республикасының Герби сүўретленген.

Банкноттың шеп тәрепиниң төменги бөлиминде «50000» саны ҳәм «ELLIK MING SO‘M» жазыўы бар болып, банкноттың қунын билдиреди.

Жоқарыдағы барлық сүўретлер ҳәм жазыўлар дөңки болып турады, услап көрилгенде сезиледи.

Орайда Өзбекистан Республикасының жийекленген картасы  жайласқан болып, оның фоны «O‘ZBEKISTON RESPUBLIKASI» сөз бирикпели тәкирарланатуғын микротекст көринисинде исленген.

Шеп тәрепиниң төменги бөлегиндеги ақ реңдеги майданда жайласқан «50000» санларының жоқарысында жети санлы номери менен еки латын  ҳәрибинен ибарат сериясы жайласқан.

Ақ реңдеги майданның жоқарғы бөлгиндеги арнаўлы белги арка сүўрети көринисинде болып, жақтылыққа қаратылғанда арканың реңи банкнот арқа тәрепиндеги реңли фон менен толықтырылады.

Арканың астында  банкнот шығарылған жыл «2017» көрсетилген.

Ақ реңдеги майданның төменги бөлиминде көриў мүйешине қарай реңин бронза реңинен жасыл реңге  өзгертетуғын  ҳәм услап көрилгенде билинетуғын дөңки болып туратуғын «50000» саны бар.

Банкноттың арқа тәрепиниң шеп бөлиминдеги ақ реңдеги майданда суў белгилери көринеди. Ақ реңдеги майданның жоқарғы бөлегинде арканың сүўрети бар болып, жақтылықта көрилгенде  банкноттың алдыңғы бөлегиндеги сүўрет пенен бирин-бири толықтырады.

Банкноттың орайында «ANJUMANLAR SAROYI» ның архитектуралық имараты сүўретленген.

Сүўреттиң жоқарғы шеп мүйешинде бирин-бири кесип өтетуғын «50000» ҳәм SO‘M» жазыўлары бар болып, олардың төбесинде банкноттың қуны сөз бенен «ELLIK MING» көрсетилген.

Сондай-ақ, банкноттың қуны «50000» көринисинде жоқары оң ҳәм төменги шеп мүйешлеринде сәўлеленген.

Төменги фон нәзик сызықлар қолланылған ҳалда исленген миллий нағыслы безеклер ҳәм дөңки болып турғандай болып сезилетуғын банкноттың қуны көринисиндеги санлы сүўретлерден ибарат.

 

Төменги бөлиминде «“O‘ZBEKISTON SO‘MINI QALBAKILASHTIRISH QONUNGA MUVOFIQ TA’QIB QILINADI» жазыўы жайласқан.

Айланысқа шығарылып атырған қуны 50000 сум болған пул белгилери, ҳәзирги ўақытта айланыста болған пул белгилери ҳәм теңгелер менен бир қатарда, барлық хожалық жүргизиўши субъектлер ҳәм халық тәрепинен өзиниң қуны бойынша барлық түрдеги төлемлер ушын ҳеш қандай шеклеўлерсиз қабыл етилиўи шәрт.

ӨзА