Қуяш шағылысыўлары нәтийжесинде Жердиң геомагнит майданындағы бузылыўлар жылына бес-алты мәрте жүз береди ҳәм олар магнит боранлары деп аталады.

Илимпазлардың пикиринше, минимал белсендилик дәўиринде Жерде жылына тек 1-2 мәрте, максимал белсендилик дәўиринде болса 50 ге шамалас боран жүз берди.

Солай етип, апрель айында магнит боранлары күтилип атырған сәнелер:

3-5-апрель;

9-11-апрель;

19-20-апрель.

Усы күнлерде денсаўлығыңызға қараўыңыз керек. Магнит бораны пайтында сезилиўи мүмкин болған тийкарғы белгилерге бас аўырыўы, уйқысызлық ҳәм ҳәлсизлик киреди.

Магнит боранының унамсыз тәсиринен қорғаныў усыллары ҳаққында усы мақаладан мағлыўмат алыўыңыз мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги