-Әмиўдәрья үстине қурылған көпир жүдә жақсы болды. Бурынлары айланба жоллардан узақ жолды басып келер едик. Усындай жаңа көпирди салдырып берген Журтбасшымызға рахмет,-деди жақында Хорезмнен үйимизге мийманға келген достым Инабат Ибрагимова.  Қарақалпақстан менен Хорезм халқы ушын дослық көпири болған автомобиль ҳәм темир жол көпириниң қурып питкерилиўи бул еки халықтың әсирлер даўамында әрманы болып келген болса, Президентимиз тәрепинен көпирдиң жаңадан қурып тапсырылыўы алысты жақын еткен дослық ҳәм имканиятлар көпири болды.

Дүньяның көплеген мәмлекетлеринде болып атырған урыс-жәнжеллер, тәбийғый апатшылықлар ҳәр бир инсанның кеўлине ғулғула салып, тәшўишлендиретуғын заманда жасар екенбиз, биз бүгин тыныш-татыўлықта, көп миллетли халықлар жәмлесип бир мақсет, бир ағла нийетлер менен елимиздиң раўажаланыўы жолында мийнет етип атырғанлығына усы елдиң әпиўайы ғана қарақалпақ қызы сыпатында кеўил қәтержамлығын сезип,  мақтаныш сезими менен шүкиршилик етемен. Ҳақыйқатында да, инсан ушын бахыт деген түсиник не болыўы мүмкин? Мениңше бахыт-елиңниң тынышлығы, тоқшылығы, дениңниң саўлығы, шаңарағыңның аманлығы, перзентлериңниң ҳеш нәрсеге мүтәж болмай оқып, мийнет етип алдыңда аман жүргенлиги. Елимизде жаслар ушын жаратылып берилип атырған имканиятлар көпшилик ата-аналар ушын кеўил қәтержамлығын жәмлестирип, перзентлериниң келешегине деген исенимин арттырмақта.

-Өткен оқыў жылында балам университеттиң тарийх факультетине шәртнама тийкарында оқыўға киргенинде енди қалай оқытамыз деп уўайымладым. Себеби, өмирлик жолдасым операция болып, қәрежеттен қыйналып атырған ўақтымыз еди. Арадан көп ўақыт өтпей-ақ, Президентимиздиң қарары менен балам квота тийкарында грантқа оқыўға қыбылланды,-дейди Нөкис районы турғыны М.Ниетуллаева.

Бундай қуўанышқа бөленген ата-аналардың, жаслардың санын даўам ете бериўимизге болады. Себеби, Президентимиздиң 2022-жыл 31-августтағы пәрманы менен Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасайтуғын ҳәм улыўма орта, орта арнаўлы ҳәм профессионал билимлендириў  шөлкемлерин тамамлаған жаслар ушын мәмлекетлик  грант тийкарында қосымша 3 мың квота, соның менен бирге, төлемли-контракт тийкарында қосымша 6 мың 500 квота ажыратыў белгиленип, онда дәслеп Қарақалпақстан аймақлары ҳәм бағдарлар кесиминдеги бар мүтәжликке тийкарланып топлаған балының жоқарылығы бойынша избе-излиликте 3 мың грант орынлары ажыратып алынды. Яғный, жоқары балл менен контрактқа кирген ямаса жоқары балл менен оқыўға кире алмаған  абитуриентлер грантқа өткерилди. Сондай-ақ, оқыўға кире алмаған 6 мың 500 абитуриент топлаған балының избе-излиги бойынша төлемли-контракт тийкарында студентликке усыныс етилди. Соның менен бирге, сырт еллерде оқып атырған жаслардың оқыўын елимиздиң жоқары оқыў орынларына мәмлекетлик грант тийкарында көшириў әмелиятының жолға қойылғанлығы ҳәм ҳаял-қызлардың магистратурада оқыўы ушын контракт пуллары мәмлекетлик бюджеттен қаплап берилип атырғанлығы илим жолындағы көплеген ҳаял-қызларға имканиятлар дәреги болмақта.

Бүгин халқымыз тыныш ҳәм татыў турмыста, ертеӊги күнге анық мақсетлер менен келешекке исенимли қәдем таслап бармақта.

Республикамыз турмысындағы барлық тараўлардағы өзгерислер ҳəм жаңаланыўлар,  жетискенликлер, әсиресе, ҳүрметли Президентимиздиң айрықша ғамхорлығы менен ѳткен бир жылдың ишинде тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл етилген 7 тарийхый пәрман ҳәм қарарлар тийкарында халқымызға, соның ишинде,  жасларымызға, исбилерменлеримизге кең имканиятлардың жаратылғанлығы, мәҳәллелерде кең кѳлемли қурылыс-оңлаў ҳәм абаданластырыў жумысларының алып барылғаны кеўиллерге мақтаныш сезимлерин бағышлайды. Атап айтқанда,  452 мәҳәллениң ҳәр бирине 500 миллион сумнан, жәми 226 миллиард сум қосымша қаржы берилгенин, кадастры болмаған 43 мыңнан аслам турақ жайлардың кадастр ҳүжжетлерин таярлаў жумысларының жолға қойылғанын, қала ҳəм аўылларымызды абат етиў мақсетинде 640 км.ге жақын топырақлы жолларға 55 миллиард 678 миллион сумлық қум-щебень араласпасын төсеў жумыслары алып барылғанын, Мәдениятты қоллап-қуўатлаў фонды шөлкемлестирилип, бул фондқа 20 миллиард сум қаржы ажыратылғанын, исбилерменлеримиз ушын жаңадан-жаңа имканиятлар жаратылып, олардың экономикалық жақтан беккемлениўине тийкар жаратылғанын мақтаныш пенен айтып ѳтсек арзыйды.

Сондай-ақ, халқымыздың ийгилиги жолында хызмет ететуғын бир неше кәрханалардың, социаллық-мәдений объектлердиӊ иске түскени, инфраструктураныӊ жаӊаланыўы елимизге шын мәнисиндеги жаӊаланыў нәпесин алып келди. Сѳзимизге мысал ретинде,  мәмлекетлик бағдарламалар шеңберинде жәми 699 объектте 1,6 триллион сумлық қурылыс ҳәм реконструкция жумыслары алып барылғаны, соның ишинде, Инвестиция бағдарламасы тийкарында 58 объектте 547,9 миллиард сумлық, мәҳәллелерде 286 объектте 238 миллиард сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары әмелге асырылғаны, буннан тысқары, 33 көп қабатлы турақ жайлар жаңадан курылып, 69 көп қабатлы турақ жайларда оңлаў жумыслары алып барылғаны инсан мәпи ҳәмме нәрседен үстин туратуғын журтта жасап атырғанлығымыздан дәрек береди.

Сондай-ақ, Қытай мәмлекети менен 432,7 миллион долларлық 17 инвестициялық жойбар, 27 миллион долларлық 32 экспорт ҳәм импорт шәртнамалары бойынша, сондай-ақ, Татарстан Республикасы менен 58 миллион долларлық 23 экспорт шәртнамалары бойынша келисимлерге ерисилгени елимиз экономикасын және де беккемлеўде, халықтың бәнтлигин тәмийинлеўде айрықша орын тутады.

Буннан тысқары, аймақлық инвестиция бағдарламалары тийкарында 3,1 триллион сумлық 1434 инвестиция жойбары иске түсип, 10256 жаңа жумыс орны жаратылды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2023-жыл 2-февральдағы «Қарақалпақстан Республикасында пуқаралар ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў ҳәм мәҳәллелердиң инфраструктурасын буннан былай да  жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы қарарына тийкарланып республикамызда бир неше жәрдемге мүтәж шаңарақлардың турақ жайларын оңлаў жумыслары исленди ҳәм даўам етпекте. Бул бағдарда Қарақалпақстанда 21 мың үй оңланып, 709 үй жаңадан қурып берилиўи нәзерде тутылған.

-Жайымыз тозыўы жетип, авариялық аўҳалға келип қалған еди.  Президентимиздиң жәрдеми менен турақ жайымыз жаңадан қурып питкерилип берилди,-дейди Мойнақ районында жасаўшы Марва Жубандыкова мәмлекетимизде алып барылып атырған ғамқорлық  ушын миннетдаршылық сезимлерин билдирип.

Қарақалпақстан Республикасында соңғы жети жылда мисли көрилмеген жетискенликлер жүз берди. Әсиресе, Президентимиз Арал теңизи апатшылығын жумсартыў, халықтың саламатлығын сақлаў бойынша бир неше қарар ҳәм пәрманлар қабыл етип, бул тәбийий апатшылықты БМШ тың бас Ассамблеясында жасаған баянатларында сөз етип, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратты.   Арал теңизиниң қурыған ултаны  орнында 1 миллион 800 мың гектар жасыл тоғайлықлар жаратылды ҳәм бул ислер еле де даўам етпекте.

-Өзим мойнақшыман,-дейди биз бенен болған сәўбетте Т.Каримов. Сексеўил егиў жумысларына қатнастым. Мәўсимлик жумыста ислеп, сексеўил ҳәм қарабарақтың  туқымын жыйнаўға да  қатнасып, күнине 100 килограммнан аслам туқым терип, айына он миллионнан аслам дәрамат табыўға еристим. Аралымыз толып, бул тәбийий апатшылықлар сапластырылады деген  үмитлеримиз әмелге асатуғынына исенемен.

Cоңғы еки жылда Республикамызда  тартымлы бизнес орталығын ҳәм аймақ турғынларына қосымша қолайлылық жаратыў мақсетинде пайда, айланыстан алынатуғын салық, жер ҳәм мүлк салықлары 2 есеге азайтылып, социаллық салық 1 процент етип белгиленди.  Президентимиздиң усы жыл 9-февраль күни тек ғана Қарақалпақстан Республикасы ушын қабыл етилген қарары тийкарында республика аймағында инновациялық, жоқары технологияларға тийкарланған, экспортқа бағдарланған ҳәм импорттың  орнын басатуғын өндирис орынларын шөлкемлестириў бойынша инвестициялық жойбарларды әмелге асырып атырған кәрханаларға «Нөкис» еркин экономикалық зонасы қатнасыўшысы статусы берилиўи нәзерде тутылмақта ҳәм қатнасыўшы статусын алған исбилерменлерге бир қатар имканиятлар жаратылады.  Атап айтқанда, Президент пәрманы менен  Салық кодексинде нәзерде тутылған жеңиликлерден пайдаланылады ҳәм бир қатар салық түрлеринен азат етиледи.

Мойнақ республикамыздағы ең алыс аймақ есапланады. Узақ жолды жақын етип, туристлерге, жолаўшыларға имканият жаратыў ушын Президентимиздиң тапсырмасы менен Мойнақ районына усы жылдың 1-апрель сәнесинен баслап «Нөкис-Мойнақ-Нөкис» авиақатнаўлары жолға қойылғанлығы халқымыз ушын үлкен жаңалық болды. Сондай-ақ, Президентимиздиң итибары менен бул бағдардағы жумыслар даўам етип, «Нөкис-Алма-Ата-Нөкис», «Нөкис-Стамбул» авиақатнаўлары жолға қойылмақта.

Күн сайын жаңаланыўларға жүз бурып, жақсы жаңалықларға толы болған елимизде хош хабар қанатлы болады. Жерлесимиз, қылышласыў спортының сабля бағдары  бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзасы Зайнаб Дайыбекова екинши мәрте Олимпиада ойынларына қатнасыў жолламасын қолға киргизгени  бәримизди қуўанышқа бөлеп, бүгин елимизде спортты раўажландарыў бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжесин және бир мәрте тастыйықлады.

Республикамызда медицина тараўында соңғы жыллары бир қанша  раўажланыўлар көзге тасланады.  Қарақалпақстан Медицина мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў мақсетинде жети жыл даўамында олар 12,0 млн долларлық 911 әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Нәтийжеде Қараөзек, Кегейли, Елликқала, Шоманай, Қанлыкөл, Беруний, Әмиўдәрья, Нөкис районы медицина бирлеспелери зәрүр болған лапароскоп хирургиялық операция топламы менен  тәмийинленип, районлардың өзинде жоқары технологиялы хирургиялық операцияларды  ислеў жолға қойылды. Сондай-ақ, басланғыш медициналық-санитария мәкемелериниң материаллық-техникалық базасын жақсылаў ушын  69 шаңарақлық поликлиникалар ушын жәми 8 млрд 136 млн сумға тең ҳәр бири 72 ЭКГ, УТТ аппаратлары менен тәмийинленип, халқымыз өз аймағындағы поликлиникаларда бийпул медициналық тексериўлерден  өтиў  имканиятына ийе болды. Қарақалпақстан медицина институты жанындағы клиника өз жумысын баслады.  Жақында ғана Нөкис қаласындағы Республикалық қыстаўлы медициналық  жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы,  Республикалық тез жәрдем орайының аймақлық филиалы ҳәм пайтахтымыздағы 8-санлы Шаңарақлық поликлиниканың жаңа имаратларының қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылыўы үлкен жаңалық болды.

Республикамызда ҳәр күни жаңалықлар, жаңаланыўлар болмақта. Күни кеше улыўмахалықлық Наўрыз байрамы елимизде кең түрде белгиленип, бәҳәр мәўсиминиң кирип келиўи менен «Жасыл мәкан» акциясы орынларда даўам етпекте. Бүгин қолына бел алып, бир нәл еккен инсанның өзи  Ўатанның келешеги, елдиң раўажланыўына ушын өз үлесин қосары анық. Усы жерде буннан жети жыл бурын Мойнақ районынына хызмет сапарына барғанымда сексен жастағы балықшы ғарры Алмаз Тобашев пенен сәўбетлескеним ядыма  түседи. Сонда ол «Аралдың толып-тасып турған күнлеринде тонналап балық аўлаўға қатнастым. Бүгин теңиздиң усындай аўҳалға түсип қалғанлығы түс сыяқлы. Еле сондай күнлер келеди. Теңиз бурынғыдай жағысына қайтады. Оны бизлер көре алмаўымыз мүмкин. Бирақ келешек әўлад, әлбетте, оның гүўасы болады»,-деген еди.

«Қолласып көтерген жүк жеңил» дегениндей, ҳәр бир исте бир-биримизди қоллап-қуўатласақ,  жақсы нийетлеримиздиң иске асатуғынына гүман жоқ. Биз бул уллы мақсет жолында Ўатанды сүйип жасап, аўызбиршилик пенен келешекке қәдем тасласақ, бәлент шоққыларға жетеримиз анық.

Гүлнара Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги