Бүгинги күни елимизде 130 дан аслам миллет ўәкиллери бир атаның балаларындай өз-ара аўызбиршилик пенен тыныш-татыў өмир сүрмекте. Соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасында да көплеген халықлардың ўәкиллери жасап, мийнет етип келмекте.

Республикамыз мектеплеринде ертеңги келешегимиз болған жасларымыз өзбек, қарақалпақ, рус, қазақ ҳәм түркмен тиллеринде оқып билим алмақта.

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалында миллетлер аралық кеңпейиллик ҳәм аўызбиршиликти еле де беккемлеў мақсетинде, «Өзбекстан-улыўма үйимиз» сүрени астында руўхый-ағартыўшылық илажы шөлкемлестирилди.

Өткерилген илаж даўамында студентлер тәрепинен ҳәр қыйлы миллетлерге тийисли қосық ҳәм намалар атқарылып, олардың үрп-әдет ҳәм дәстүрлери көрсетилди. Соның менен бирге, қолы шебер жаслар тәрепинен мазалы тағамлар таярланып, бул бойынша илаж қатнасыўшыларына кең түрде мағлыўматлар берилди.

-Филиалымызда профессор-оқытыўшыларымыз тәрепинен студентлер арасында дослықты беккемлеў ҳәм оларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша көплеген илажлар әмелге асырылмақта,-дейди филиал директорының биринши орынбасары Рустам Хайдаров.-Бүгинги өткерилип атырған кешеде де халқымыздың усындай әжайып пазыйлетлери көрсетилди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги