Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 3-апрель күни Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесиниң гезексиз сессиясында қатнасты. Сондай-ақ, мәмлекетимиз басшысы пайтахтта алып барылып атырған дөретиўшилик жумыслар, жаңа билимлендириў ҳәм туризм объектлеринде жаратылған шараятлар менен танысты, Жаңа Ташкент қаласының дәслепки имаратларының қурылысын баслап берди.

Мәмлекетимиз басшысы Халық депутатлары Ташкент қалалық Кеңесиниң гезексиз сессиясындағы шығып сөйлеген сөзиниң басында пайтахт жәмийетшилиги менен көрисип турғанынан қуўанышлы екенин атап өтип, бүгинги күндеги әҳмийетли мәселелерге тоқтап өтти. Дүнья жүзиндеги, соның ишинде, бирге ислесиўши мәмлекетлердеги жағдайдың экономикамызға, халық дәраматларына унамсыз тәсирин азайтыў ең әҳмийетли ўазыйпалардан екени атап өтилди.

– Ҳәр қандай имарат сыртқы тәсирлерге шыдамлы болыўы ушын оның ирге тасы беккем болыўы шәрт. Мәмлекетимиздиң тийкары, бул – мәҳәлле. Мәҳәллениң экономикалық негизи беккем болса, адамлардың дәраматы көбейип, жақсы жасаўға үйи, баласын оқытыўға шараяты болса, ертеңги күни ушын қәтержам болса, сонда турақлылық, раўажланыў болады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы көзқарастан, жуўапкерлердиң жумысындағы немқурайдылықлар, районларда иске қосылмай атырған имканиятлар көрсетип өтилди.

Мәселен, Ташкент қаласында жойбарлаў нийетиндеги инвестор ҳәм исбилерменлер көп. Бирақ буның ушын жер аз. Пайдаланылмай атырған жерлерди мәмлекетлик дизимнен өткериў, 979 жер участкасын аукционға шығарыў, аўыл хожалығынан санаат ҳәм елатлы пункт категориясына өткен 175 гектар жерди бериў арқалы оларға шараят жаратыў мүмкин.

Янгиҳаёт районында 764 гектар жерде «Жаңа әўлад» арнаўлы санаат зонасы шөлкемлестирилмекте. Сырт ел ҳәм жергиликли исбилерменлер ол жерде 2,5 миллиард доллар муғдарында жойбарларды әмелге асырыў бойынша усыныс билдирген. Бул аймақта және де көбирек жойбарларды жайластырып, он мыңлаған жумыс орнын ашыў имканияты бар.

Экономикалық белсенди халықтан 80 мыңы жумысқа мүтәж. Соның менен бирге, пайтахттағы кәрхана ҳәм шөлкемлерде 98 мың бос жумыс орны бар.

Жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылықты сапластырыў жумысларын да жаңа көзқарас тийкарында қайта көрип шығыў зәрүр.

Ташкент қаласы халқының турмысын буннан былай да жақсылаў ушын усы сыяқлы жумыслар оғада көп. Сол себепли, сессияда шөлкемлестириў мәселеси көрилди. Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласы ҳәкими ўазыйпасын атқарып киятырған Шавкат Умурзоқовтың кандидатурасын пайтахт ҳәкими лаўазымына усыныс етти.

Ш.Умурзоқов 1979-жылы Ташкент қаласында туўылған. Көп жыллар прокуратура системасында жумыс ислеген. 2018-2023-жылларда «Өзавтосанаат» акционерлик жәмийетиниң басқарма баслығы болған. Ол өткен жыл марттан берли Ташкент қаласы ҳәкими ўазыйпасын атқарып келмекте. Жергиликли кеңес депутатлары да бир жыл даўамында оның жумысына баҳа бериў ушын жетерли имканиятқа ийе болды.

Халық депутатлары, жәмийетшилик ўәкиллери шығып сөйлеп, талабан ҳаққында пикирлерин билдирди. Даўысқа қойыў нәтийжелерине бола, Шавкат Умурзоқов Ташкент қаласы ҳәкими етип тастыйықланды.

Президент Ташкентте нәтийже етиў ушын имканият та, ресурс та, шараят та жетерли екени, буның ушын қала ҳәм район ҳәкимлери, экономикалық комплекс ўәкиллери оянып, үлкен шеклер алып, қатты ислеўи керек екенин атап өтти.

Мәжилисте қаланы экономикалық-социаллық раўажландырыў имканиятлары Юнусабад районы мысалында талланды.

Кейинги жети жылда районға 1 миллиард 700 миллион доллар сырт ел инвестиция киргизилип, кәрхана, саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлери 3,5 мыңға, жумыс орынлары 20 мыңға көбейди. 6 мың квартиралы жаңа турақ жайлар қурылды, 8 мың жаңа оқыўшы орны шөлкемлестирилди, 3 жоқары оқыў орны ашылды.

Юнусабад аймағы бойынша Ташкент қаласында биринши, халық саны бойынша екинши орында турады. Районда 64 мәҳәлле болып, 376 мың халық жасайды.

Аймақ салық түсимлериниң көлеми бойынша жетекши. Бирақ халықтың жан басына есаплағанда жоқары емес. Районның пайтахт санаатындағы үлеси ең ақырғы орында.

Солардан келип шығып, халықтың дәраматларын арттырыў бойынша иске қосылмаған имканиятлар көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, Юнусабад районындағы 9 банк филиалы ири қарыйдарлары менен 64 мәҳәлле арасында «көпир» болады. Олардағы шаңарақлардың дәраматы көбейсе, банк қарыйдары болған исбилерменниң өнимине талап артады. Буннан исбилермен де, банк те пайда көреди.

Енди банклерге адамлардың дәраматын көбейтиў, район экономикасын турақлы өсириў бойынша жаңа жуўапкершилик белгиленеди. Жумыс орнын жаратқан қарыйдарларға кредит проценти түсирип барылады. Ҳәким жәрдемшилери болса жумыссызларды исбилерменлердиң талабы тийкарында оқытады.

Жуўапкерлерге бул бағдарда «Юнусабад тәжирийбеси»н жолға қойыў бойынша көрсетпелер берилди.

Юнусабад пайтахттың ең қолайлы бөлегинде жайласқаны ушын «өсиў ноқаты» бизнес екенин турмыстың өзи көрсетип берип атыр. Жаңа инвестициялар ағымына шараят жаратыў мақсетинде ескирген көринистеги ямаса мәмлекетлик уйымлар жайласқан имаратлар орнында заманагөй саўда, хызмет ҳәм аўқатланыў жойбарларын әмелге асырыў мүмкин. Нәтийжеде 7 мың жоқары дәраматлы жумыс орны ашылады.

Жер оғада шекленген шараятта бар инфраструктураны вертикаль өсириў арқалы санаат ҳәм саўданы раўажландырыў зәрүр. Атап айтқанда, дийқан базарларын қабат-қабат усылда кеңейтиў ушын шараят бар. Сондай-ақ, киши санаат зонасындағы имаратларды 3-4 қабат етип, қайта қурыў есабынан қосымша 200 мың квадрат метр пайда болады.

Социаллық тараўда жеке меншик шериклик жойбарларын көбейтиў арқалы да мың жумыс орнын жаратса болады. Мәселен, 7-санлы қалалық емлеўхана ушын жаңа имарат қурылса, босайтуғын жерде кореялы инвесторлар 420 орынға ийе көп тармақлы клиника қурыў басламасын билдирген.

Улыўма етип айтқанда, үйрениўлер тийкарында Юнусабадта 600 миллион доллар инвестиция, 35 мың жоқары дәраматлы жумыс орнының имканиятлары анықланған.

Ҳүкиметке барлық районларды усы тәризде үйренип, Ташкент қаласында 250 мың жоқары дәраматлы жумыс орнын жаратыў, 2 миллиард доллар инвестиция тартыў илажларын көриў тапсырылды.

Санаат, инфраструктура, исбилерменлик ҳәм коммунал тараўларда алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў ўазыйпасы қойылды.

Мәҳәллелердеги абатлық мәселесине де айрықша итибар қаратылды. Мәҳәлле басшылары ҳәм нураныйлер миллий қәдириятларымызды тиклеп, көше бойлары ҳәм үйлердиң алдында гүллер егиў, терек өсириў, өрмелеўши бағлар жаратыў, тазалық жумысларына бас-қас болыўы зәрүр екени айтылды.

Мәмлекетимиз басшысы бул бағдардағы белсендиликти хошаметлеў мақсетинде таңлаў өткерип, жылдың жуўмағы менен ең үлгили мәҳәллеге электромобиль саўға етиў усынысын билдирди. Бул усыныс қол шаппатлаўлар менен қоллап-қуўатланды.

Мәжилис соңыңда Президент халық депутатлары, мәҳәлле баслықлары, зыялылар ҳәм жаслар менен сәўбетлести.

Буннан кейин Президент Шавкат Мирзиёев Юнусабад районындағы 5-санлы улыўма билим бериў мектебинде болды. «Өзбекстан – 2030» стратегиясында билимлендириў системасының реформалары ең биринши ўазыйпа етип белгиленген. Бул бағдардағы әҳмийетли мәселелерден бири – оқыўшы орынларын көбейтиў.

Мәмлекетимиз басшысы жаңа мәкемелер қурыў менен бирге, мектеплердиң өзине қосымша қабат ямаса жанынан имарат қурыў мақсетке муўапық екенин айтқан еди.

Бул 5-мектеп бурын 960 орынға ийе еди. Бирақ оқыўшылар саны 2 мыңнан артады. Сол себепли өткен жылы реконструкцияланып, қосымша имаратлар қурылды. Нәтийжеде 1 мың 700 қосымша орын пайда болды.

Мектепте 65 оқыў, 12 шет тили ҳәм 5 компьютер ханасында заманагөй шараятлар жаратылды. Оқыўшыларды анық пәнлер, инженерлик ҳәм технологияларға қызықтыратуғын STEM-лаборатория ҳәм спорт зал зәрүр инвентарьлар менен тәмийинленди, коворкинг ҳәм рекреация аймағы шөлкемлестирилди. Мектеп китапханасында 5 мың 800 ден аслам илимий ҳәм көркем әдебиятлар бар.

Бүгин мектепте 2 мың 600 ге шамалас оқыўшы билим алмақта. Өткен жылы 165 питкериўшиден 163 и жоқары оқыў орынларына оқыўға кирген.

Елимизде ул-қызларды жаслығынан кәсипке бағдарлаўға үлкен әҳмийет қаратылмақта. 5-мектепте де жоқары класс оқыўшылары тигиўшилик, кулинария, ағаш ҳәм металлды қайта ислеў көнликпелерин үйренип атыр.

Президент бул дөгереклердеги шараятларды көзден өткерди.

Ташкент қаласы директорлар кеңесиниң ағзалары менен сәўбетте муғаллимлердиң мийнети ҳәм ҳүрмети ҳаққында сөз болды.

– Сондай ўақытлар болды, педагоглыққа итибар төменлеп кетти. Ҳәзир бул уллы кәсиптиң абырайын тиклеў, оларды материаллық хошаметлеўге ҳәрекет етип атырмыз. Жаңа Ташкент қаласының қурылысын да Педагогикалық университеттиң имаратына ирге тасын қойыўдан басламақшымыз. Себеби, жаңа Өзбекстанның биринши тийкары – муғаллимлер. Соның ушын олар бәрқулла өз үстинде ислеўи, билим ҳәм методларын раўажлантырып барыўы керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Мектептиң жаңа имканиятларынан толық пайдаланыў, билимлендириўдиң сапасын Президент мектеплерине жақынластырған тәризде арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Ташкент қаласындағы 1-балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебин көзден өткерди.

Мектеп өткен жылы республикалық бюджет қаржылары есабынан қурылған. 250 оқыўшыға мөлшерленген. Быйылғы оқыў жылында 1-классқа 145 ул-қыз қабылланған.

Бул жерде жаслар 12 бағдар бойынша мектептен тысқары билим алады. Оқыўшылар дөретиўшилик имтиханлар тийкарында таңлап алынады.

Елиўге шамалас оқыў ҳәм компьютер ханалары, илажлар залында ықшам шараятлар жаратылған. Китапханада 5 мың 500 ден аслам оқыў әдебияты ҳәм ноталар жәмленген.

Президентимиз көркем өнер руўхый жақтан бай әўладты тәрбиялаўға хызмет ететуғынын, оған меҳирди балалықтан баслап қәлиплестириў зәрүр екенин атап өтти. Усы мақсетте улыўма билим бериў системасы менен музыка билим бериў бағдарламаларын үйлестириў әҳмийетли екени айтылды. Көркем өнер мектеплери менен жоқары оқыў орынлары, театрлар ҳәм басқа да мәденият мәкемелериниң бирге ислесиў системасын күшейтиў ўазыйпасы қойылды.

Мәмлекетимизде барлық мектеплер саз әсбаплары менен тәмийинленип, жаслардың қызығыўшылығы ҳәм таланты раўажландырылмақта. Бул дәстүрий көркем өнер бағдарламалары менен бирге мақам, бақсышылық ҳәм классикалық музыка қәдириятларымызды даўам еттириўге хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысы Шайхантахур районындағы Гүлбазар мәҳәллесинде де болды.

Ҳәр бир мәҳәллениң өзине тән дәстүрлери ҳәм имканиятлары бар. Олар «өсиў нокаты»на айландырып, жумыс орынларын ашыў ҳәм халықтың дәраматларын арттырыў дәреги сыпатында раўажландырылмақта.

Гүлбазар Ташкенттиң тарийхый бөлегинде, Чарсу базары жанында жайласқан. Бул жерге жылдың барлық мәўсиминде сырт елли туристлер көп келеди. Сол себепли аймақ туризм хызметлерине қәнигелестирилген. Көше ҳәм үйлерде пайтахттың ески көринисин сақлап қалған ҳалда қосымша шараятлар жаратылды.

Атап айтқанда, барлық коммуникация тармақлары жер астынан өткерилди. Көшениң басында тарийхый дәрўаза қайта тикленди. Нағыс пенен ойылған сүтинли үлкен әйўан, оған жақын жерде ҳәўиз қурылды. Миллий кестешилик ҳәм өнерментшилик устаханалары, нанбайхана, миллий асханалар, зергерлик дүканлары шөлкемлестирилди. «Нан тарийхы» ҳәм «Ески Ташкентке саяхат» атамасында көргизбелер ашылды. Үш жулдызлы мийманхана да қурылмақта.

Бул көше Шайхантахур районында шөлкемлестирилип атырған «туризм айланбасы»ның бир бөлеги болады. Бир сөз бенен айтқанда, бул жерде туристлер ески ҳәм миллийлик орталығын сезинеди.

Мәҳәлле халқы мәмлекетимиз басшысына аймақтағы өзгерислер, адамлардың турмысы ҳаққында айтып берди. Бул жерде 2 мың 670 халық жасайды.  Саўда, өнерментшилик ҳәм хызмет көрсетиў раўажланғаны нәтийжесинде мәҳәлле жумыссызлықтан жырақ аймаққа айланған. «Қәўипсиз аймақ» системасы енгизилген. Бул жойбар әмелге асырылғаннан кейин барлық шаңарақтың  дәрамат табыў имканияты бираз артқаны атап өтилди.

Президентимиз миллий кийимлер ҳәм әмелий көркем өнер өнимлерин көзден өткерди, оларды таярлап атырған өнермент ҳаял-қызлар менен сәўбетлести.

Мәмлекетимиз басшысы мәҳәлледеги сүмелек сейилинде қатнасты. Аналар тыныш елге байрамлар жарасатуғынын, буның ушын Жаратқанға шексиз шүкир  ететуғынын айтты. Шавкат Мирзиёев оларды мүбәрек Рамазан күнлери менен қутлықлап, жақсы тилеклер билдирди. Халқымызға тынышлық ҳәм абаданлық тилеп пәтия етилди.

Жуўапкерлерге «туризм айланбасы»н даўам еттирип, тараўда бәнтликти арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

– Заманагөй комплекслер ҳәмме жерде бар. Биз сырт елли туристлерди уллы тарийхымыз бенен көбирек тартыўымыз мүмкин. Соның ушын бул жер азанлы-кеш жумыс алып баратуғын туристлик орайға айланыўы керек. Бундай этнографиялық орынларды көбейтиў, миллий қәдириятларымызды көрсетиў, түрли фестивальлар өткериў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жылы 12-январьда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Республикаға сырт елли туристлердиң ағымын кескин арттырыў ҳәм ишки туризмди буннан былай да жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилген еди. Оған муўапық, туризм орынларын көбейтиў, аймақларды өз-ара байланыстыратуғын туризм хызметлерин буннан былай да кеңейтиў бойынша жумыс алып барылмақта. Буның орынланыўын Гүлбазар мысалында да көриў мүмкин.

Сондай-ақ, «Жасыл мәкан» жойбары шеңберинде мийўели ҳәм саяманлы тереклер, гүллер егилип, мәҳәллеге пайыз қосылмақта.

Буннан бир жыл алдын, 18-март күни Жаңа Ташкент қаласы қурылысының ирге тасы қойылған еди.

Дөретиўшилик жумысларды муўапықластырыўшы кеңес ҳәм дирекция дүзилип, жойбарлаў алып барылды.

Муқаддес Рамазан айында бул жерде дәслепки имаратлардың қурылысын баслаў мәресими болды.

Илажда Президент Шавкат Мирзиёев шығып сөйлеп, бул тарийхый ўақыя екенин атап өтти.

– Бүгин «Жаңа Өзбекстан» университети ҳәм Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң кампуслары, Миллий китапхана, Миллий театр, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, Әдебият музейи, дөретиўшилик мектеби ҳәм Миллий мақам орайына ирге тасын қоямыз. Жаңа қала қурылысы илим, мәнаўият орынларынан баслап атырғаны бийкарға емес. Булар ағартыўшы жәмийет қурыў идеямыздың тийкары ҳәм үлгиси болады, – деди мәмлекет басшысы.

Ағартыўшы жәмийеттиң тийкарғы негизи мектеп болса, муғаллим оның сүтини болып есапланады. Сол себепли бул жерде бириншилер қатарында Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университетиниң жаңа кампусы қурылады. Ол 20 мың студентке мөлшерленген оқыў имаратлары, 5 мың орынға ийе жатақхана, 300 орынға ийе бақша, 616 орынға ийе мектеп, 588 орынға ийе академиялық лицей, заманагөй спорт комплекси, мәденият сарайы, амфитеатр ҳәм басқа да объектлерди өз ишине алады. Жоқары рейтингли сырт елли жоқары оқыў орынларының тәжирийбеси тийкарында «бақша – мектеп – университет» тутаслылығындағы инновациялық педагогикалық кластер шөлкемлестириледи.

«Жаңа Өзбекстан» университети елимиздеги ең абырайлы жоқары оқыў орны болып, онда инженерлик, басқарыў, мәлимлеме технологиялары, агротехнологиялар, гуманитар ҳәм тәбийғый пәнлер бойынша қәнигелер таярланады.

Қалада бул университет ушын да заманагөй кампус қурылады. Атап айтқанда, бул жерде 10 мың студентке мөлшерленген оқыў имаратлары, 1 мың 150 орынға ийе асхана, китапхана ҳәм ықшам музей, спорт комплекси, олимпиада жүзиў бассейни қурылады. Сондай-ақ, студентлер ушын 2 мың орынға ийе жатақхана, профессор-оқытыўшыларға 286 орынға ийе турақ жай қурып бериледи.

Гезектеги жойбар – Өзбекстан Миллий китапханасы ушын жаңа комплекс. Бул жерде китапхана фондында сақланып атырған 10 миллионнан аслам әдебиятларды мүнәсип сақлаў ҳәм бир ўақыттың өзинде 1 мың 420 китапқумарға сапалы хызмет көрсетиў ушын барлық шараятлар жаратылады. Оның улыўма майданы 30 мың метр квадратты қурайды.

Театр көркем өнери халықтың мәнаўияты, жаслар тәрбиясы менен үнлес байланыслы. Сол себепли Жаңа Ташкентте халықаралық талаплар тийкарында Миллий театрдың саўлатлы имараты қурылады. Онда көркем өнер ғайраткерлери ушын да, тамашагөйлер ушын да ҳәр тәреплеме қолайлы шараятлар жаратылады. Келешекте ол елимиздеги барлық театрлар ушын өзине тән дөретиўшилик лаборатория ўазыйпасын атқарады.

Қалада Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, дөретиўшилик мектеби, Әдебият музейи ҳәм Миллий мақам орайын жәмлеген өзине тән мәнаўият комплекси де бой тиклейди.

Мәмлекетимиз басшысы бул комплекслердиң имканиятлары ҳәм әҳмийетине тоқтап өтти.

– Бүгин ирге тасы қойылып атырған орынлар көп жыллар халқымыз мәнаўиятын байытыў, жасларымызды ҳәр тәреплеме жетик ҳәм бәркамал инсанлар етип тәрбиялаўға хызмет етеди. Жаңа Ташкент қаласының тек ғана елимиз емес, ал регионымызда да ҳақыйқый илим-ағартыўшылық ҳәм мәденият орайына айланатуғынына үлкен үлес қосады, деп исенемен, – деди Шавкат Мирзиёев.

Президентимиз рәмзий түймени басып, имаратлардың қурылысын баслап берди.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Икром АВВАЛБОЕВ,

ӨзАның хабаршылары