Беруний районындағы  Шааббаз МПЖ да районның 1-сектор басшысының қатнасыўында көшпели қабыллаў өткерилди.

Онда аймақ турғынларының мүрәжатлары тыңланып, айырымлары сол жердиң өзинде өз шешимин тапты. Қалған мүрәжатлар Халық депутатлары Беруний районлық кеңесиниң депутаты Р.Юлдашева тәрепинен жазып алынып, тийисли шөлкемлерге депутат сораўы жибериў арқалы шешилетуғын болды.

Ушырасыўда ең әҳмийетли мәселелер, яғный, мәҳәлледе газ басымының төмен екенлиги айтылып, бул бойынша 4-сектор басшысы Қ.Атажанов жуўапкер газ мәкемесиниң баслығына телефоннан қоңыраў етип сөйлести. Ҳәзирги ўақытта оңлаў жумыслары әмелге асырылып, газ трубалары жаңасына алмастырылып атырғанлығы себепли бир ай ишинде газ басымы нормал жағдайға келетуғынлығы туўралы мағлыўмат берилди.

“Бунёдкор” көшесиндеги жол 2023-жылы мәмлекетлик бағдарламаға киргизилип, ШПС төселгенлиги себепли, ярымы асфальтланып турған жери бузылып, кейин ҳеш қандай жумыслар әмелге асырылмағанлығы айтылды. Бул бойынша да жол қурылысы мәкемесиниң басшысы менен сөйлесилди. Мәҳәлледеги айырым көшелерде ишимлик суўы трубаларының тозғанлығы себепли халықтың ишимлик суўдан пайдаланыўында машқалалар болып атырғанлығы да айтылды. Сондай-ақ, ҳаял-қызлар мәселеси ҳәм майыплық напақасына шыға алмай атырған пуқаралардың мүрәжатлары да үйренилди.

Ушырасыўда көтерилген айырым мәселелер өз орнында шешилген болса, айырымларын еле де үйренип, тийисли шөлкемлер менен биргеликте шешиўге келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги