Халықаралық Омбудсман институты тәрепинен Африка Омбудсманлары Изертлеў орайы менен биргеликте “Инсан ҳуқықларын хошаметлеў: Омбудсман институтларыныӊ орны” темасында онлайн форматта сөйлесиў шөлкемлестирилди.

Онда Өзбекстан Омбудсманы Феруза Эшматова да қатнасты.

Илажда 50 ден аслам мәмлекетлердиӊ Омбудсманлары, атап айтқанда, Халықаралық Омбудсман институтына ағза мәмлекетлердиӊ Омбудсманлары ҳәм Африкадағы инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардыӊ ўәкиллери менен халықаралық экспертлер өзлериниӊ тәжирийбелери менен ортақласты.

Бул халықаралық ушырасыў Омбудсман институтыныӊ роли менен әҳмийетин үгит-нәсиятлаў  ҳәм тараў қәнигелериниӊ пикир ҳәм идеяларын додалаў ушын арнаўлы платформа ўазыйпасын атқарды.

Омбудсманлар инсан ҳуқықларын қорғаўды күшейтиў, ҳуқықлары бузылып атырған шахслардыӊ мүрәжатлери унамлы шешилиўи ушын барлық илажларды көриў, бул институттыӊ абырайын арттырыў бойынша турақлы ислесиў бойынша пикирлер билдирди.

Онлайн видеоушырасыў жуўмақларына бола, қатнасыўшылар инсан ҳуқықлары тараўындағы бирге ислесиўди беккемлеўге қаратылған усыныслар ислеп шықты.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниӊ Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Халықаралық Омбудсман институтыныӊ ағзасы есапланады.

 

Н.Абдураимова, ӨзА