Соңғы жыллары айырым хызметкерлердиң өз ҳуқықларын толық билмеўи яки олар жумыс ислеўши мәкеме басшыларының Өзбекстан Республикасының  Мийнет кодексин билқастан бузыўы хызметкер ҳәм жумыс бериўши арасында бир қатар түсинбеўшиликлерди келтирип шығармақта. Усындай келиспеўшиликлерди өз ўақтында сапластырыўда Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў ҳызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы  Кеңеси бир қанша унамлы ислерди әмелге асырылмақта.

Атап айтатуғын болсақ, Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў ҳызметкерлери кәсиплик аўқамының Қарақалпақстан Республикасы  Кеңеси тәрепинен  Қоңырат районлық медицина бирлеспесинде көше мийирбийкеси болып жумыс ислеўши Г.А ның мүрәжаты үйренип шығылғанда, Г.А ның мийнет шәртнамасы 2024-жыл 1-март күни өз қәлеўим менен жумыстан босаў ҳаққындағы  арзасына тийкарланып бийкар етилген. Бирақ,  тилекке қарсы, хызметкерге пайдаланбаған мийнет дем алысының  пуллары компенсация етип төлеп берилмегенлиги  анықланды.

Жоқарыдағыларға тийкарланып жумыс бериўшиге мийнет нызамшылығы қағыйдалары толық түсиндирилип,  мийнет шәртнамасы бийкар етилген хызметкер Г.А ға пайдаланбаған мийнет дем алысының  пуллары компенсация етип төлеп берилиўи хаққындағы жазба түрде көрсетпе берилди.

Буның нәтийжесинде Қоңырат районлық медицина бирлеспеси тәрепинен Г.А ға пайдаланбаған мийнет дем алысы  ушын  5.473.163 сўм компенсация есапланып,  төлетип берилиўине ерисилди.


Д.Уразбаев,
Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў хызметкерлери кәсиплик аўқамының
Қарақалпақстан Республикасы кеңеси мийнет ҳуқықы инспекторы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги