Республикамыздыӊ барлық аймақлары сыяқлы Беруний районында да Наўрыз байрамы кеӊ түрде белгиленбекте.

Район орайындағы Халықлар дослығы көшеси бойлап 40 тан аслам аўыл ҳәм мәкан пуқарлар жыйынлары өзлериниӊ миллий тағамлар ҳәм буйымлар көргизбеси менен қатнасты. Буннан тысқары спорт жарыслары, поэзия кешелери, миллий гүрес беллесиўлери, дәрўазлардыӊ шығыўлары байрамныӊ еле де көтериӊки жағдайда өтиўин тәмийинледи.

Байрам қатнасыўшыларын район ҳәкими И.Хидиров қутлықлады. Районлық мәденият бөлими хызметкерлери тәрепинен таярланған миллийлигимизди, халықлар дослығын жырлаўшы концерт бағдарламасы бәршеге жоқары кейпият бағышлады.



Байрам илажына белсене қатнасқан аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларыныӊ ўәкиллери, жеӊимпаз болған спортшылар, миллий ойынлардыӊ жеӊимпазлары район ҳәкимлиги тәрепинен хошаметленди.

Наўрыз байрамына бағышланған сейиллер районның барлық жерлеринде даўам етпекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги