Соӊғы ўақытлары “жоқары билимлендириў шөлкемлерине академиялық еркинлик берилди” деген сөзди тез-тез еситип атырмыз. Ҳақыйқатында да, жаӊа редакциядағы Конституциямызда да жоқары билимлендириў шөлкемлери нызамға муўапық академиялық еркинлик, өзин-өзи басқарыў, изертлеўлер өткериў ҳәм оқытыў еркинлиги ҳуқықына ийе екенлиги беккемлеп қойылды.

Жоқары билимлендириў системасыныӊ халықаралық стандартлар тийкарында жумыс алып барыўы – оны ҳәкимшилик басқарыўдан баслап оқыў-методикалық ҳәм илимий-изертлеў процесин шөлкемлестириўде академиялық еркинликке ийе болыўын талап етеди.

Академиялық еркинлик жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў шөлкемлериниӊ билимлендириў ҳәм илимий-изетрлеў жумысыныӊ раўажланыўына, профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиӊ оқыў процесиндеги еркинлигин тәмийинлеўге, бул тараўға сыртқы араласыўды шеклеўге хызмет етеди. Солай екен, мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ академиялық еркинлигин тәмийинлеў мәселесине байланыслы нызамшылықты да жетилистириў зәрүр. Себеби, академиялық еркинлик берилген жоқары билимлендириў шөлкемлеринӊ айырым ўәкилликлери “Билимлендириў ҳаққында”ғы нызамда сәўлеленбеген.

Усы мәселелер Олий Мажлис Нызамшылық палатасыныӊ Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети тәрепинен өткерилген “Мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ академиялық еркинлигин тәмийинлеўдиӊ нызамшылық тийкарлары” темасындағы семинарда қызғын додаланды.

Илажда атап өтилгениндей, 2023-жылы жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ саны 213 ке жетти (116 мәмлекетлик, 67 мәмлекетлик емес, 30 сырт ел ЖОО филиаллары). ЖООныӊ академиялық еркинлигин тәмийинлеў билимлендириў сапасыныӊ өсиўи, илимий-изертлеў жумысларыныӊ раўажланыўы, билимлендириў-илим-өндирис интеграциясы, халықаралық илимий-изертлеў байланысларыныӊ күшейиўи, саламат бәсеки орталығын жаратыўға үлкен мүмкиншилик туўдырады.

Академиялық еркинлик берилген жоқары билимлендириў шөлкемлери оқыў режелери, оқыў бағдарламалары, маманлық талапларын кәсиплик стандартлар тийкарында тастыйықлаў, билимлендириў тилин ҳәм билимлендириў бағдарлары, қәнигеликлериниӊ өзине тәнликлерин инабатқа алған ҳалда билим алыў түрин, бакалавриат билимлендириў бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери ушын оқыў даўамлылығыныӊ мүддетин белгилеў ўәкиллигине ийе. Сондай-ақ, докторантурада төлемли-контаркт тийкарында оқыў баҳасын белгилеў, бюджеттен тысқары қаржылар есабынан грант ажыратыў арқалы доктортантураға сайлаў тийкарында квотаға қосымша түрде қабыл етиў, докторант ҳәм еркин излениўшилерге илимий басшылық етиў тәртибин тастыйықлаў, билимлендириўдиӊ сапасын ишки қадағалаў механизмлерин белгилеў ҳәм енгизиў сыяқлы ўәкилликлерге де ийе.

Бирақ таллаўларға бола, бундай ўәкилликлер “Билимлендириў ҳаққында”ғы нызамда сәўлеленбеген. Семинарда айтып өтилгениндей, усы күнлери мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ академиялық еркинлигин тәмийинлеў мәселесине байланыслы нызамшылықты жетилистириў Нызамшылық палатасыныӊ Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети тәрепинен тереӊ талланбақта. Бул семинарда да қатнасыўшылар жоқары билимлендириў шөлкемлериниӊ академиялық ҳәм қаржы еркинлигине байланыслы нормаларды “Билимлендириў ҳаққында”ғы нызамға киргизиў усынысын берди.

Семинарда сондай-ақ, билимлендириў шөлкемлерин халықаралық аккредитациядан өткериўдиӊ ҳуқықый тийкарларын жаратыў, ҳәкимшилик реформалар шеӊберинде атқарыў ҳәкимияты уйымлары системасында болған өзгерислерди есапқа алған ҳалда билимлендириў системасын басқарыў уйымлары ўәкилликлерин қайта көрип шығыў мәселелери додаланды.

Муҳтарама КОМИЛОВА,

ӨзА