“Ватандошлар” жәмийетлик фонды тәрепинен Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги менен биргеликте Өзбек тили онлайн билимлендириў платформасы жаратылды.

Усы платформаныӊ таныстырыў илажына дөретиўши зиялылар, сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз, педагоглар, ағартыўшылық үгит-нәсиятшылар мирәт етилди.

Қатнасыўшылар – түрли мәмлекетлерден келген ўатанласларымыз дәслеп пайтахтымыздыӊ Жазыўшылар қыябанындағы Әлийшер Наўайы естелигине гүллер қойды.

Таныстырыў илажында “Ватандошлар” жәмийетлик фонды басқарма баслығы Одилжон Сатторов мәмлекетимиз басшысыныӊ басламасы менен шөлкемлестирилген бул структура дүньядағы көплеген сырт мәмлекетлерде жасап атырған өзбеклер, усы жерден жақсылық көрген, оныӊ менен тәғдири, еӊ әзиз еслеўлери қалған адамлар менен турақлы байланысты жолға қойғанын атап өтти.

Ҳәзирги ўақытта сырт елде жасап атырған ўатанласларымыз өзлери өзбек тилин жақсы билсе де, бирақ, олардыӊ перзентлери бул тилден барған сайын узақласып баратырғаны қәўетерли жағдай екенине итибар қаратылды. “Ватандошлар” жәмийетлик фонды тәрепинен өзбек тилин үйретиў бойынша дүркин онлайн сабақлар жолға қойылғаны, тилимизди және де кеӊирек үйрениў зәрүрлиги бар екенлигин көрсетти.

– Ҳәзирги күнде шет тиллерин тез үйрететуғын программалар оғада көп, – деди “Ватандошлар” жәмийетлик фонды басқарыўшы баслығы Одилжон Сатторов. – Өзбек тилин үйрениў бойынша дәслепки мәрте ислеп шығылған бул онлайн билимлендириў платформасы басқышпа-басқыш А1 дәрежесинде үйретеди. Келешекте оны және де жетилистириў нәзерде тутылмақта.

Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министриниӊ орынбасары, Қәнигелестирилген билимлендириў шөлкемлери агентлигиниӊ директоры Әлишер Уббиевтиӊ пикирине бола, бул платформаныӊ жаратылыўы сырт елде өзбек тилин жасларға үйретиў ҳәм үгит-нәсиятлаў, ана тилимизди және де раўажландырыўда әҳмийетли қәдем болды.

Бул платформаны жаратыўда өзбек тилин үйрениўшилерге әпиўайы, бир тегис, аӊсат түрде түсиндириўге тийкарланған, – деди Пегагогикалық шеберлик ҳәм халықаралық баҳалаў илимий-әмелий орайы директоры Дилрабо Давидова.      -Платформада “Келиӊ, танысайық”, “Үлкен үй”, “Өлшеў”, “Мәҳәллемизде”, “Кәсиплер”, “Жол болсын”, “Жаӊалықлар”, “Дем алыс” сыяқлы бөлимлер бар. Платформада сондай-ақ, шынығыўларды орынлаў арқалы аўыз-еки ҳәм жазба көникпелерди арттырыў, өзин-өзи тексериў имканияты да жаратылған. Өмирлик диалоглар, видео, аудио контентлер менен бирге шынығыўлардыӊ қызықлы болыўын тәминийинлеў ушын басқатырмалар да келтирилген. Еӊ тийкарғысы, платформадағы материаллар арқалы миллий қәдириятларымыз, үрп-әдетлеримизди ашып бериўге ҳәрекет етилген.

Шынығыўлар Фондтыӊ авторлық ҳуқықы тийкарында бирден-бир автоматластырылған электрон порталына (https://vatandoshlarfondi.uz) жайласытырылды. Шынығыўларда тек ғана дизимнен өткен ўатанласлар пайдаланыўы мүмкин. Шынығыўларды нәтийжели тамамлаған үйрениўшилерге арнаўлы сертификатлар бериледи.

Назокат УСМОНОВА,
ӨзА