`Бирлескен Миллетлер Шөлкеми тәрепинен 5-июнь «Пүткил дүнья жүзилик қоршаған орталықты қорғаў күни» сыпатында белгиленип бул сәне ҳәр жылы елимизде көтериңки руўхта белгиленеди.

Усы мүнәсибет пенен быйыл да анығырағы пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен конференция өткерилди.

Илажға Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық кеңеси,  халықаралық «Экосан» қорының Қарақалпақстан бөлими, Өзбекстан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм басқа да бирге ислесиўши шөлкемлердиң басшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Онда «Экология ҳәм жаслар» атамасында семинар, «Жаслар эко-турмысты таңлайды» атамасындағы жаслар акциясы, сүўретлер таңлаўы ҳәм жасларды қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў бойынша «Эко патрул» таңлаўы өткерилди.

Таңлаўға улыўма билим бериў мектеплери ҳәм кәсип-өнер колледжлериниң оқыўшылары қатнасты.

Таңлаў жуўмағында «Экология ҳәм жаслар» атамасындағы семинарды шөлкемлестириўде белсендилик көрсеткени ушын пайтахтымыздағы 6-санлы улыўма билим бериў мектебиниң оқытыўшысы С.Бекмуратов, «Жаслар эко турмысты таңлайды» атамасындағы жаслар акциясында Нөкис социал-экономикалық колледжиниң оқыўшысы Ҳ.Жанназаровлар Ҳүрмет жарлықлар ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланған болса,  «Сүўретлер» таңлаўының топарлар арасында өткерилген жарысында Қарақалпақстан Республикасы қәнигелестирилген көркем өнер мектеби ҳәм 1-санлы Есжан бақсы атындағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң «Жулдызша» топары биринши, «Бахытлы балалық» топары екинши, «Нурлы қуяш» топары үшинши орынды ийеледи. Жеке сүўретлер таңлаўында А.Салиев биринши, С.Таңирбергенов екинши, Г.Атаўбаева үшинши орын жеңимпазы болды. Жаслар қоршаған орталықты қәстерлеп сақлаў бойынша  «Эко патрул» таңлаўында Нөкис қурылыс кәсип-өнер колледжи оқыўшысы С.Бекниязов биринши, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалы қасындағы академиялық лицей оқыўшысы Ү.Нуратдинова екинши, Ү.Файзуллаев үшинши орынға ылайықлы деп табылды.

Жарыс жеңимпазлары  шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Илаж қатнасыўшыларына көркем өнер шеберлери атқарыўындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги