Ташкент қаласы судында «Док-1 макс» дәри қуралы менен байланыслы жынаят исин көрип шығыў бойынша суд процеси жуўмағына жетти. 

Усы жынаят ақыбетинде 86 бала жәбирленди. Олардан 68 и қайтыс болған ҳәм 16 сы аўыр, 2 еўи жеңил дене жарақатын алған.

Бул Ҳиндстанда ислеп шығарылған «Док-1 макс» сиропы ҳәм басқа дәри өнимлерин пайдаланғаны ақыбетинде жүз берди. 2022-жылдың гүз айларында жүз берген усы қолайсыз ўақыя артынан Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети жынаят иси қозғатып, тергеў ҳәрекетлерин алып барды.

«Док-1 макс» иси бойынша суд процеси 2023-жыл 11-август күни баслаған еди. Ис бойынша дәслеп 21 айыпланыўшы суд алдында жуўап берген болса, суд тергеўи ўақтында жумысқа байланыслы басқа шахслар да анықланды. Кейиншелли болса судланыўшылар саны 23 ге жетти.

Бул жынаят иси Ташкент қаласы судының жынаят ислери бойынша судлаў қурамы судьясы Мусо Юсупов басшылығында биринши инстанция судында көрип шығылды.

Жәрияланған суд ҳүкимине бола:

«Quramax Medikal» ЖШЖ директоры болып ислеген, ҳиндстанлы Сингх Пратапқа 20 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды.

Қалған судланыўшылар Өзбекстан пуқаралары болып, олардан Б.Камбаралиев («Quramax Medikal» ЖШЖ саўда директоры лаўазымында ислеген)ке 4 жыл 3 ай мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды. Жынаят кодексиниң 62-статьясына тийкарланып өтеў ушын 3 жыл 11 ай 18 күн еркинликти шеклеў жазасы қалдырылды;

Н.Мирзааҳмедова («Quramax Medikal» ЖШЖ дизимге алыў бойынша менеджери лаўазымында ислеген)ға 10 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Н.Мирзааҳмедоваға Жынаят кодексиниң 72-статьясы тийкарында тайынланған еркинен айырыў жазасы шәртли есапланып, 3 жыл сынақ мүддети белгиленди.

Э.Мирзааҳмедов («Quramax Medikal» ЖШЖ бас есапшысы лаўазымында ислеген)ке 4 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды;

С.Кариев (Фармацевтика тармағын раўажландырыў агентлиги директоры ҳәм оған қараслы «Дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК директоры лаўазымларында ислеген)ке 18 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды;

А.Азимов («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК директорының биринши орынбасары лаўазымында ислеген)ге 16 жыл мүддетке азатлықтан айырыў жазасы тайынланды;

Н.Мусаев («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК директорының орынбасары, Фармакопея комитети баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы лаўазымларында ислеген)қа 16 жыл мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды;

Г.Салиева («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК директоры жәрдемшиси, дизимнен өткериў бөлими баслығы лаўазымларында ислеген)ға 3 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды. Жынаят кодексиниң 62-статьясына бола өтеў ушын 1 жыл 10 ай 10 күн еркинликти шеклеў жазасы қалдырылды;

Ш.Шодманов («Дәри қураллары, медициналық буйымлар ҳәм медициалық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК дизимнен өткериў бөлими вице-баслығы лаўазымында ислеген)қа 16 жыл 6 ай мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды;

Ж.Эркиний («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК дизимнен өткериў бөлими бас қәнигеси лаўазымында ислеген)ге 5 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды. Жынаят кодексиниң 62-статьясы тийкарында өтеў ушын 4 жыл 6 ай 26 күн еркинликти шеклеў жазасы қалдырылды;

С.Саидов («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК Фармакология комитети баслығы лаўазымында ислеген)қа 4 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды;

Ж.Шамшетов («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициалық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы»  ДУК дизимнен өткериў бөлими бас қәнигеси лаўазымында ислеген), А.Жалилов («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК Фармакопея комитети жетекши қәнигеси лаўазымында ислеген) ҳәм Г.Халилова («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК Фармакология комитети жетекши қәнигеси)не 5 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды;

Г.Болтабаева («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК дәри өнимлери сапасын бақлаў ҳәм стандартластырыў лабораториясы баслығы)ға 3 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды;

М.Ҳамдамов («Дәри өнимлерин стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖ директоры лаўазымында ислеген)қа 4 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды. Жынаят кодексиниң 62-статьясы тийкарында өтеў ушын 2 жыл 10 ай 1 күн еркинликти шеклеў жазасы қалдырылды;

Ш.Холмуродов («Дәри өнимлерин стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖ Сертификатластырыў органы баслығы лаўазымында ислеген)қа 4 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды. Жынаят кодексиниң 62-статьясы тийкарында өтеў ушын 3 жыл 4 ай 24 күн еркинликти шеклеў жазасы қалдырылды.

Н.Шукуруллаева («Дәри өнимлерин стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖ Сынақ орайы баслығы)ға базалық есаплаў муғдарының 110 есеси муғдарында, яғный 33 миллион сум жәрийма жазасы тайынланды. Жынаят кодексиниң 62-статьясы тийкарында 17 миллион 190 мың сум жәрийма жазасы қалдырылып, тайынланған жәрийманы мәмлекет пайдасына өндириў белгиленди;

Ш.Абдуғаниев («Дәри қуралларын стандартластырыў илимий орайы ЖШЖ директоры орынбасары лаўазымында ислеген), Ф.Файзиев («Дәри қуралларын стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖ Сертификатластырыў органы баслығының орынбасары лаўазымында ислеген) ҳәм И.Мирзаёқубов («Дәри қуралларын стандартластырыў илимий орайы» ЖШЖ Синов орайы баслығының орынбасары лаўазымында ислеген)тың ҳәр бирине 2 жыл мүддетке еркинликти шеклеў жазасы тайынланды;

Ф.Толипов («Дәри өнимлери, медициналық буйымлар ҳәм медициналық техника экспертизасы ҳәм стандартластырыў мәмлекетлик орайы» ДУК дизимнен өткериў бөлими бас қәнигеси, Фармакология комитети бас қәнигеси лаўазымларында иcлеген)қа 3 жыл 3 ай мүддетке еркинен айырыў жазасы тайынланды. Тайынланған жазаны мәнзил-колонияларда өтеў белгиленди.

Ф.Назаров («Origin Solution» ҳәм «Medreg» ЖШЖлер директоры)қа мийнет ҳақының 20 процентин мәмлекет дәраматына услап қалған ҳалда 3 жыл мүддетке мийнет арқалы дүзетиў жазасы тайынланды.

Судланыўшылар С.Пратап, Н.Мирзааҳмедова, С.Кариев, А.Азимов, Н. Мусаев, Ш.Шодманов ҳәм Ж.Эркинийден салидар тәртипте «Док-1 макс» ҳәм «Амбронол» дәри қуралларынан зәҳәрленип, қайтыс болған 68 марҳум ҳәм 4 денсаўлығы оғада аўыр жағдайдағы баланың нызамлы ўәкиллериниң ҳәр бирине 1 миллиард сумнан, денсаўлық жағдайы қанаатландырарлы болған 4  баланың нызамлы ўәкиллериниң ҳәр бирине 500 миллион сумнан ҳәм денсаўлығы жақсыланған 8 баланың нызамлы ўәкиллериниң ҳәр бирине 200 миллион сумнан зыян өндирип алыныўы белгиленди.

Судланыўшы Ш.Шодмановтан алған пара муғдарының баҳасы – 881 миллион 814 мың сумды, судланыўшылар А.Азимов ҳәм Н.Мусаевтан салидар тәртипте – 93 миллион 810 мың сумды мәмлекет пайдасына өндириў белгиленди.

Жәбирлениўшилердиң нызамлы ўәкиллерине жынаят шеңберинде жеткерилген материаллық зыянларды өндириў мәселеси де пуқаралық ислер бойынша судларына мүрәжаат етиў ҳуқықы түсиндирилди.

С.Пратап, Б.Камбаралиев ҳәм Э.Мирзааҳмедовтан салидар тәртипте 5 миллиард 420 миллион 177 мың 400 сум салық қарыздарлығы мәмлекет пайдасына өндирилиўи белгиленди.

Судья биринши инстанция судының ҳүкиминен наразы тәреплер ҳүким шыққан күннен баслап, судланыўшы ҳәм жәбирлениўшилер ҳүким нусқасын алған күннен баслап он сутка ишинде апелляция тәртибинде яки ҳүким нызамлы күшке киргеннен кейин кассация тәртибинде Ташкент қалалық судына арза бериўи, прокурор протест келтириўге ҳақы екенлигин мәлим етти.

Суд мәжилиси жуўмақланғаннан кейин, жәбирлениўшилер менен сәўбетлестик.

– Судья ким ҳақ, ким наҳақ екенин жақсы биледи, әлбетте, – дейди жәбирлениўшилерден бири Азамат Ўтемуродов. – Бундай жынаят ушын нызамшылықта 20 жылға шекем нәзерде тутылған екен. Илажы барынша максимал жаза берди. Жәбирлениўшилерге бир миллиард сумнан руўхый зыян берилетуғыны айтылды. Бирақ балам тирилип келсе еди, бир мәрте «әке» десе, буның алдында ҳәр қандай миллиардлардан үстин еди. Әттең…

– Суд әдалатлы өтти, деп ойлайман, – дейди жәбирлениўшилерден және бири Бўтакўз Жумағалиева. – Судьядан миннетдармыз, бизиң қасымызда турыўға умтылды. Бирақ, баламның сағынышы, тынышсызланыўы 1,5 жыл өтсе де еле басылмады. Бул туйғыны сөз бенен тәрийиплеў жүдә қыйын… Бендемиз, көнбей илажымыз жоқ. Үлкен улым елеге шекем үкесин излейди…

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзА хабаршысы