Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети “Жәмийетлик экология бақлаўшысы ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында” қарар қабыл етти.

Оған муўапық, Жәмийетлик экология бақлаўшысы ҳаққындағы реже тастыйықланды.

Режеде:

жәмийетлик экология бақлаўшыларыныӊ статусы, ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери;

жәмийетлик экология бақлаўшылары жумысыныӊ тийкарғы бағдарлары;

жәмийетлик экология бақлаўшыларына талабанларды арнаўлы таярлықтан өткериў тәртиби;

жәмийетлик экология бақлаўшылары статусын сапластырыў тәртиби белгилеп берилген.

2024-жыл 1-июньға шекем Республикада жәмийетлик экология бақлаўшыларына талабанларды арнаўлы таярлықтан өткериўди еркин билимлендириў түринде әмелге асырыў тәртиби енгизиледи.

ӨзА