Россияда мәўсимлик талаплардыӊ артыўы себепли бензин экспортын ўақытша қадаған етиў 1-марттан баслап күшке киреди, деп мағлыўмат береди хабар.уз

Бас министр Михаил Мишустин 2024-жыл 1-марттан баслап алты ай мүддетке бензин экспортын қадаған етиўди мақуллады. Сондай-ақ, биржада дизель жанар майын сатыў баҳасын 16 процентке көбейтиў ҳаққында қарар қабыл етилген.

Ўақытша экспорт шеклеўи ЕАЭА мәмлекетлери, Монголия, Өзбекстан, Абхазия ҳәм Қубла Осетияға келисилген жеткерип бериў көлемлерине тийисли болмайды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги