Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Жаңа Өзбекстан» массивлерин қурыў ҳәм аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы менен Кегейли, Қараөзек ҳәм Қанлыкөл районларында «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң қурылысы басланған еди.

Усы пәрман тийкарында бүгинги күни республикамыз аймағында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып, жоқарыда аты көрсетилген районларда жаңаша көринистеги заманагөй қалашалар бой тикледи.

Атап айтқанда, Кегейли районы Ақтуба аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жаңадан қурылған қалашаны толық инфраструктура менен тәмийинлеў, социаллық объектлерди қурыў режеси де белгиленген болып, пәрманның орынланыўын тәмийинлеў бағдарында 12,6 млрд. сум қаржы ажыратылды ҳәм массивте 320 оқыўшы орнына мөлшерленген жаңа мектеп имараты, 180 орынға мөлшерленген жаңа мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми қурып питкерилди.

Жақында усы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми халық ийгилиги ушын пайдаланыўға тапсырылып, аймақта оның ашылыў мәресими болып өтти.

Оған Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министри Г.Қожабаева, министрдиң орынбасары М.Шлимбетова ҳәм кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

Мәресимде министр Г.Қожабаева, Кегейли районлық мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи бөлими баслығы Қ.Бекимбетовлар соңғы жыллары елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар ҳаққында айтып, буның айқын көринисин халқымыздың бүгинги турмысы мысалында көриўимизге болатуғынлығын мақтаныш пенен тилге алды ҳәм қатнасыўшыларды жаңа балалар бақшасының ашылыўы менен қутлықлады.

Соңынан имарат алдына тартылған дәстүрий лента кесилип, илаж қатнасыўшылары бақшада балалар ушын жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты.






Мағлыўмат ушын айтып өтетуғын болсақ, бул бақшаның қурылысы ушын республика бюджети есабынан 6 млрд 305 млн қаржы ажыратылған болып, оны «Гранит монтаж строй»  қурылыс шөлкеми қурып питкерди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы