Жәмийетлик баслама тийкарында республикамызда үлкен байрам сәнесине айланған «25-февраль – Жүўери гүртик күни» усы жылы да кеңнен белгиленди.

Қанлыкөл районындағы Бескөпир АПЖ да кең жәмийетшилик ўәкиллери, сырт елли мийманлар ҳәм район турғынларының қатнасыўында «Абат-шаңарақ, абат-көше, абат-мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде, улыўма халықлық шембилик ҳәм «Жүўери гүртик күни» байрам илажлары болып өтти.

Байрам илажында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары М.Ахмедова, район ҳәкими Б.Султанов, Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги, Туризм басқармасы ўәкиллери қатнасып, жақсы тилеклерин билдирди.








Атап өтилгениндей бүгинги күнде «Абат-шаңарақ, абат-көше, абат-мәҳәлле» бағдарламасы шеңберинде, орынларда кең көлемли қурылыс-оңлаў, абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Буның барлығы елимиз бойлап мәҳәлллелердеги инфраструктураны жақсылаў, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған илажлар, айрықша итибар нәтийжесинде, халқымыздың аўызбиршилигиниң арқасында жүзеге шықпақта.

«Жүўери гүртик күни» байрам илажлары шеңберинде райондағы мәкеме ҳәм шөлкемлер тәрепинен дастурханлар жайылып, миллий тағамлар, әсиресе, жүўери гүртиклер писирилип, ол ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Байрам даўамында 7 қазан ошақта 0,5 тоннадан аслам жүўери гүртик асылды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги