Бажыхана комитети баслығыныӊ биринши орынбасары О.Ибрагимов республикамызда болып, басқарма аппараты ҳәм бажыхана постларыныӊ, сондай-ақ, әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен жақыннан танысты.

Дәслеп, басқармада бажыхана аймағында қайта ислеў бажыхана режиминиӊ тәртибин түсиндириў, азық-аўқат тәмийнаты ҳәм сырт ел инвестиция жойбарларыныӊ өзлестирилиўине байланыслы мәселелер бойынша дүзилген жумысшы топарлардыӊ хызмети менен жақыннан танысып, олардыӊ нәтийжелилигин үйренди.

“Даўыт-ата” шегара бажыхана постына тутас аймақта қурылып атырған “Бажыхана терминалы”ныӊ қурылыс жумыслары менен танысқан О.Ибрагимов модернизация ҳәм реконструкциялаў жойбарына тартылған Министрлер Кабинети жанындағы “Бирден-бир буйыртпашы  инжиниринг компаниясы”, “ARK Energo Proekt”, “Үй-жай қурылыс Co” жуўапкершилиги шекленген жәмийетлери ҳәм басқа да шөлкемлердиӊ ўәкиллери менен ушырасып, терминалдыӊ қурылысын май айына шекем жуўмақлаў ҳәм посттыӊ реконструкциясы усы жылдыӊ ақырына шекем өз ўақтында толық орынланыўы мәселелери додаланды.

Сапар даўамында “Өзтрансгаз” акционерлик жәмийети ҳәм “Үргенштрансгаз” унитар кәрханасыныӊ ўәкиллери менен ушырасып, қурылып атырған бажыхана терминалы ҳәм қайта қурылатуғын  “Даўыт-ата” шегара бажыхана постыныӊ үзликсиз электр энергиясы ҳәм газ бенен тәмийинлениўи бойынша сөйлесиўлер алып барылды. Сондай-ақ, қайта қурылатуғын бажыхана постына қуўатлылығы  500 кВт.ға теӊ болған қуяш панеллерин орнатыў бойынша да “Жасыл энергия” жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниӊ басшылары менен келисип алынды.

Жаӊа посттыӊ имаратында “Бажыхана сервис” мәмлекетлик мәкемеси ўәкиллери ушын да заманагөй бөлмелер ажыратылыўы белгиленип, пост арқалы ҳәрекетленип атырған сыртқы саўда жүклериниӊ бажыхана рәсмийлестирилиўи менен байланыслы хызметлер көрсетилиўи көлемин буннан былай да арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги