Ташкентте Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) институтының 29 жыллығы мүнәсибети менен «Инсан ҳуқықларын тәмийинлеў – мәмлекетлердиң турақлы раўажланыўының әҳмийетли факторы» атамасында халықаралық конференция болып өтти.

Илаж Өзбекстан Омбудсманы, БМШ Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили, ЕҚБШның Өзбекстандағы жойбарларының координаторы, USAIDтиң Өзбекстандағы миссиясы, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша Жоқары комиссарының басқармасы ҳәм Фридрих Эберт қоры менен биргеликте шөлкемлестирилди.

Өзбекстан Омбудсманы Феруза Эшматова, Өзбекстан инсан, оның турмысы, еркинлиги, абырайы ҳәм қәдир-қымбаты жоқары қәдирият есапланатуғын халықшыл демократиялық мәмлекет, ашық ҳәм әдил жәмийетти қурыў жуўапкершилигин алғанын атап өтти. Жаңа редакцияда қабыл етилген Өзбекстан Республикасы Конституциясының кирис бөлимине мөрленген бул қатарлар мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған реформалардың тийкарын қурайды.

Мәмлекетимизде инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарындағы басламалар 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шеңберинде және де жеделлести.

«Инсан қәдири ҳәм мәплери ушын» деген ийгиликли идеяға тийкарланған түпкиликли реформалар «Өзбекстан – 2030» стратегиясы арқалы даўам етпекте.

Конференцияда Өзбекстанда инсан ҳуқықларын қорғаў бойынша әмелге асырылып атырған реформалардың мине, усы тәреплерине итибар қаратылды.

Илажда Австралия, Әзербайжан, Венгрия, Италия, Қазақстан, Қырғызстан, Марокаш, Монголия, Норвегия, Пакистан, Россия, Сербия, Таиланд, Түркия, Тәжикстан ҳәм Түркменстан сыяқлы 20 ға шамалас сырт мәмлекетлердиң инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғайтуғын ўәкилликли уйымлары ҳәм халықаралық бирлеспелердиң ўәкиллери қатнасып, Омбудсман институтының әҳмийети, инсан ҳуқықларын тәмийинлеў бағдарында ҳәзирги күндеги әҳмийетли мәселелер ҳаққында пикир алысты.






















Абырайлы халықаралық шөлкемлер, атап айтқанда, БМШтың қәнигелескен комитетлериниң ағзалары, Европа Кеңеси, ЕҚБШтың Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы, Венеция комиссиясының экспертлери, Халықаралық Омбудсманлар институты, Азия Омбудсманлары ассоциациясы, Германияның Макс Планк институты, UPR инфо ўәкиллери, бир қатар сырт мәмлекетлердиң Өзбекстандағы дипломатиялық корпус ўәкиллери ҳәм елимиздеги сырт мәмлекетлердиң елшилери халықаралық ҳәм миллий нызам ҳүжжетлеринде инсан ҳуқықларының қорғалыўына байланыслы нормалар қалай ислеп атырғанына итибар қаратты.

Бас нызамымыз ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлери тийкарында мәмлекетимизде инсан қәдирин арттырыў жолында әмелге асырылып атырған реформалар барлық аймақларда бирдей ислеўи ҳәм гөзленген нәтийжени бериўи оғада әҳмийетли.

Омбудсман институты бул процессте парламентлик қадағалаў субъектлериниң бири сыпатында инсан ҳуқықлары менен еркинликлери ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етилиўи үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыўда қатнаспақта. Бир сөз бенен айтқанда, Омбудсман пуқаралардың мүрәжатлары тийкарында шешилиўи керек болған мәселелерге ҳүкимет итибарын қаратып атыр. Бул болса мәмлекетте нызам үстинлиги ҳәм әдиллик турақлылығының тәмийинлениўинде оғада әҳмийетли.

Халықаралық конференцияда кейинги жылларда Өзбекстан тиккелей пуқаралық мүрәжатлар менен ислесетуғын Омбудсман жумысына инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўдың жаңа заманагөй ҳәм нәтийжели механизмлериниң енгизилетуғыны атап өтилди. Ўәкилдиң мүрәжатлар менен ислесиў процеси толық санластырылды. 2022-жылдан Омбудсманның регионаллық ўәкиллери турақлы түрде жумыс баслаўы мүрәжатлардың орнында жеделлик пенен шешилиўине хызмет етпекте.

Омбудсман ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген жабық мәкемелерде сақланып атырған шахслардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда өзиниң мүнәсип орнына ийе болды. Қамақтағылардың мүрәжатларын көрип шығыў менен бирге, ҳәрекетлениў еркинлиги шекленген жабық мәкемелерге Омбудсман жанындағы жәмийетшилик топарлар менен бирге мониторинг сапарларын әмелге асырмақта.

2019-жылы 46 рет, 2020-жылы 71, 2021-жылы 177, 2022-жылы 381 рет мониторинг сапарлары әмелге асырылған болса, 2023-жылы бул көрсеткиш 603 ти қурады. Нәтийжеде қыйнаў жағдайларының алдын алыў бойынша парламентлик ҳәм жәмийтлик қадағалаў орнатылыўына ерисилди.

Халықаралық конференция өз жумысын сессияларға бөлинген ҳалда алып барды. Сессияларда инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың парламент ҳәм пуқаралық жәмийети менен инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдеги бирге ислесиўи, санластырыў шараятында инсан ҳуқықлары қорғалыўының әҳмийетлилиги, Турақлы раўажланыў мақсетлери шеңберинде гендер теңлик ҳәм майыплығы болған шахслар ҳуқықларының тәмийинлениўи, мийнет қатнасықларының кепилликлери ҳәм мүнәсип мийнет шараятларының жаратылыўы мәселелери додаланды.

Илаж даўамында Түркия, Сербия, Венгрия, Монголия, Италия, Әзербайжан, Россия, Таиланд, Марокаш, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Түркменстан мәмлекетлери Омбудсманлары да өз тәжирийбелери менен ортақласты. Италия, Монголия мәмлекети Омбудсманлары менен Өзбекстан Омбудсманы арасында еки тәреплеме бирге ислесиў меморандумларына қол қойылды.

Илаж жуўмағында Ташкент резолюциясы қабыл етилди.

Норгул АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы