Президентимиз тәрепинен елимизде ҳаял-қызларға  үлкен итибар қаратылмақта. Әсиресе,  имканияты шекленген, кем тәмийинленген ҳаял-қызлар «Ҳаяллар дәптери»не киргизилип, мәмлекетимиз тәрепинен субсидиялар берилип,   өзин-өзи бәнт етип, исбилерменлик пенен шуғылланыўы ушын имканиятлар жаратылған.

-Тақыятас районы «Тақыятас» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында  6880 халық болып, соның 3200 и ҳаял-қызлардан ибарат. Мәҳәллемизде жасаўшы жасаў шараяты төмен, екинши топар  майыплығы болған С. Отарова «Ҳаял-қызлар дәптери» не киргизилип,   оның тигиўшиликке қызығыўшылығы итибарға алынып,  субсидия тийкарында  оған тигиў машинасы алып берилди. Бурын тигиў машинасын  қоңсыларынан алып тигип жүрген Салима апа, ҳәзирги ўақытта үйинде көрпе-төсеклер тигип, қурақлар қурап,  исбилерменлик пенен шуғылланып келмекте. Сондай-ақ, ол үш айлық оқыў курсында оқытылып, кийим-кеншеклерди де тигип, шаңарағына дәрамат табыў менен бирге халыққа хызмет көрсетпекте,-дейди «Тақыятас» МПЖ ҳаял-қызлар белсендиси  Зулхумар Юлдашева.

Салима туўма еситиў ҳәм сөйлеў имканияты шекленген болып туўылыўына қарамастан,  кишкене гезлеринен баслап тигиўшиликке қызығыўшылығы күшли болған. Ҳәзирги ўақытлары мәмлекетимиз тәрепинен субсидия тийкарында алып берилген тигиў машинасында ол көрпе-төсеклерди тигип, буйыртпа тийкарында жумыс алып барып атыр. Оған қыз апасы жәрдем берип келмекте.


Имканияты шекленген болыўына қарамастан, бос отырғанды өзине еп көрмей, тынып-тыншымайтуғын  Салима ападай инсанлардың жигерине тән берип, он еки мүшеси пүтин,  мийнет етиўге имканияты бар инсанлардың бийкар жүргенлигине базыда ашынасаң. «Изленген имкан табады», дегениндей, оның имканиятсызлықтан имкан таўып атырғанлығына бәрекалла дегимиз келеди.


Г. Турдышова,
Қарақалпақстан хабар агентлиги