Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Елимиз раўажланыўы ушын бирлесейик!» сүрени астында «2024-жыл – Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы»на бағышланып Өзбекстан Мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республикалық Кеңеси қәнигелери, система шөлкемлеринде жумыс ислеп атырған жас жумысшы хызметкерлер ушын «Басшы ҳәм жас жумысшылар» ушырасыўы шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң басшылары, тараў басшылары ҳәм қәнигелери, мәкеме ҳәм шөлкемлердеги жас жумысшы-хызметкерлер, студент-жаслар қатнасты.

Дәслеп жыйналғанлар ушын Өзбекстан мәмлекетлик сатира театры жас актёрларының атқарыўында «Қәлбим жағысы» атлы спектакль қойып берилди. Спектакльде турмыстан адасқан еки жастың теңиз жағасындағы сейили, олар арасындағы диалог, оларға қосылған бир жигиттиң қыз бенен сәўбетлесиўи, диалог, монологлары арқалы өмирдеги қыйыншылықлар, дурыс жолдан жүриўдиң әҳмийети, қызғаныш, алдаўшылық, адамлардың бир-биринен ғәрезли мақсетлерде пайдаланыўы сыяқлы иллетлер, оның ақыбетлери ашып берилген. Спектакль жасларды турмыста дурыс жолды таңлаўға шақырады.

Ушырасыў ашық сәўбетлесиў тәризинде өткерилип, онда Өзбекстан мәденият, спорт ҳәм туризм хызметкерлери кәсиплик аўқамы Республика Кеңесиниң баслығы А.Мусаев, Нөкис қаласы ҳәкими А.Данияров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, соңғы жылларда елимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалар, әсересе, жаслар ушын жаратылып атырған имканиятлар менен мүмкиншиликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип, жаслардың усы имканиятлардан утымлы пайдаланыўы, оқып, кәсип ийелеп ямаса исбилерменлигин баслап елимизге пайдалы инсанлар болып жетилисиўи зәрүрлиги атап өтилди.








Илаж даўамында жаслардың қатнасыўында викторина ойынлары өткерилип, онда жаслардың мийнет жәмәәтлеринде жумыс бериўшилер ҳәм кәсиплик аўқамлары тәрепинен дүзилетуғын Жәмәәтлик шәртнамалар туўралы, белгили спортшылар ҳаққындағы, тарийхый ҳәм басқа да әҳмийетли сораўлар бойынша билимлери сынақтан өтти. Викторина даўамында белсене қатнасқан жаслар, илаж шөлкемлестириўшилери тәрепинен естелик саўғалар менен хошаметленип барылды.

Ушырасыўда қатнасыўшылар қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.


Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги