O’zLiDeP Қарақалпақстан Республикасы Кеӊеси “Ҳаял-қызлар қанаты” тәрепинен “Саламат шаӊарақ – беккем шаӊарақ” жойбары шеӊберинде республика онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалында “Онкологияныӊ келип шығыў себеплери ҳәм оныӊ алдын алыў жоллары” атамасында дөгерек сәўбети өткерилди.

Ушырасыўда тийкарынан бүгинги күни ҳаял-қызлардыӊ арасында көбирек ушырасып атырған онкологиялық кеселликлердиӊ келип шығыў себеплери, оларды ерте анықлаў ҳәм алдын алыўда көбирек нелерге итибар бериў кереклиги мәселелери додаланды. Ҳақыйқатында да, бул кеселлик пүткил дүнья жүзиндеги сыяқлы мәмлекетимизде де жыл сайын көбейип бармақта. Буныӊ тийкарғы себеплеринен бири  – өспе кеселликлериниӊ кеш басқышта анықланыўы ҳәм кеселликтиӊ жасырын тәризде өтиўи ҳәм ерте басқышы ўақтында мүрәжат етпеў болып табылады.

– Бүгинги күни бул кеселликлердиӊ келип шығыўы, олардыӊ алдын алыў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта, –  дейди республика онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медицина орайы Қарақалпақстан филиалы радиология бөлиминиӊ шыпакери Даўлетбай Қалбаев. – Атап айтқанда, кеселликтиӊ пайда болыўына гормонлар басқарыўыныӊ бузылыўы,  стресс себепли иммунитеттиӊ азайыўы, артықша салмақ себеп болыўы мүмкин. Сондай-ақ, элементлер алмасыўыныӊ бузылыўы, қуяштыӊ нурында көп жүриў,  ультрафиолет нурлар ҳәм сыртқы орталықтыӊ өзгериўи, созылмалы кеселликлер де буған себеп болады. Кеселликти емлегеннен көре алдын алған мақул. Бул – мәмлекетимиз медицинасыныӊ еӊ әҳмийетли принципине айланбақта. Себеби онкологиялық кеселликлер ҳеш қашан бирден белги бермейди. Дене ағзаларыныӊ пүтинлигин бузғанында ямаса ўазыйпасын истен шығарғанда белги бериўди баслайды.

Тек ғана Орта Азияда емес, ал раўажланған мәмлекетлерде де бул кеселликтиӊ көбейип атырғаны, әсиресе, мәмлекетимизде ҳаял-қызлардыӊ арасында көкирек бези ҳәм жатыр мойны раги көбирек ушырасып атырғаны атап өтилди. Бундай кеселликлерди, қәўипли өспелерди емлеў басқышы химия, нур ҳәм гормон терапияларды өз ишине алады. Соныӊ ушын да ҳәр бир инсан өзиниӊ денсаўлығына итибарсыз болмай, ҳәр 6 айдан  тереӊлестирилген медициналық тексериўден өтип турыўы, ўақтында ерте анықланған пайытында кеселликтиӊ алын алыўға ҳәрекет етиўи кереклиги турмыслық мысаллар менен түсиндирилди.

Сәўбетлесиў барысында ҳаял-қызлар өзлерин қыйнап жүрген сораўларға тәжирийбели шыпакерлерден жуўап алды. Буннан тысқары, олар тәжирийбели маммолог шыпакерлер ҳәм УЗИ аппаратында бийпул медициналық тексериўден өткерилип, керекли мәсләҳәтлер берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги