Самарқанд мәмлекетлик ветеринария медицинасы, шарўашылық ҳәм биотехнологиялар университети Нөкис филиалында ϴзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми тәрепинен “Жаслар ҳәм бизнести қоллап-қуўатлаў жылы” мүнәсибети менен үгит-нәсият илажы өткерилди.

“Жаңа әўлад кадрлары” жойбары шеңберинде өткерилген “Биз, келешектиң жас лидерлери Экопартияны таңлаймыз” атамасында өткерилген илажда филиал директоры А.Есимбетов, ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Аралбойы регионын раўажландырыў мәселелери ҳәм экология комитети баслығының орынбасары Б.Матмуратов, ϴзбекстан Экологиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы партия шөлкеми Кеңеси атқарыў комитетиниң баслығы А.Бегимова, ϴзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы жанындағы Жаслар парламентиниң ағзасы Б.Жиенбаевлар шығып сөйлеп, бүгинги күни экологиялық машқалаларды сапластырыў ҳәм қоршаған орталықтың бузылыўы, ҳаўаның патасланыўы сыяқлы унамсыз ақыбетлердиң  алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.



Мәлим болғанындай, бүгинги күни пүткил дүнья жүзи жәбир көрип атырған машқалалардың бири бул экология болып табылады. Соның ушында қоршаған орталықтың тазалығын сақлаў, экологиямыздың патасланыўының алдын алыў әҳмийетли темаға айланбақта. ϴзбекстан Экологиялық партиясы бул бағдарда әҳмийетли басламалар менен шықпақта.

Илажда жасларға ϴзбекстан Экологиялық партиясының мақсет ҳәм ўазыйпалары, экологиялық турақлылықты тәмийинлеў, саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў бойынша ўазыйпалар туўралы кең түрде мағлыўмат берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги