Усы жыл 24-январь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ шөлкемлестириў мәжилиси болып өтти.

Онда тийисли министрликлер менен шөлкемлердиң, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, қала ҳәм район ҳәкимлери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисти Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Ф.Эрманов кирис сөз бенен ашты ҳәм  басқарып барды.

Күн тәртибиндеги мәселе бойынша Өзбекстан Мәҳәллелери ассоциациясы баслығының орынбасары А.Аслонов,  Өзбекстан ветеранларының социаллық хызметин қоллап-қуўатлаўшы “Нураный” қоры Қарақалпақстан Республикасы бөлиминиң баслығы Т.Абдижаппаров, ϴзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының Қарақалпақстан Кеңесиниң баслығы, сенатор У.Жалменов ҳәм басқалар шығып сөйлеп,   мәҳәлле институтының жәмийеттеги орнын түпкиликли жақсылаў, оның халқымыз машқалаларын шешиўде биринши буўын сыпатында ислеўин тәмийинлеў,  мәҳәллелерде басқарыў системасын жетилистириўге қаратылған илажларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей,  соңғы жылларда миллий өзлигимиз тымсалы, бийтәкирар қәдирият ҳәм дәстүрлеримиз бесиги болған мине, усы институттың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын, ўәкилликлерин арттырыў, материаллық-техникалық базасы менен кадрлар потенциалын беккемлеў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылды. Кейинги 7 жылда системаны жетилистириўге қаратылған 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилгенин, барлық тараў ҳәм бағдарлар бойынша “Мәҳәлле кесиминде” ислесиў усылы кеңнен енгизилип, мәҳәлле баслығы, ҳәким жәрдемшиси, жаслар жетекшиси, ҳаял-қызлар белсендиси, профилактика инспекторы, социаллық хызметкер ҳәм салық инспекторынан ибарат тәсиршең структура жумысы жолға қойылғаны унамлы нәтийжелер берип атырғанын айрықша атап өтиў орынлы.

Бүгинги күнде ҳәмме жумыс мәҳәлледе, халқымыз бенен биргеликте шөлкемлестирилмекте. Бул система басқышпа-басқыш раўажландырылмақта, оған қосымша күш, имканиятлар берилип атырғаны тосыннан емес. Президентимиздиң атап өткениндей, мәҳәлле тыныш болса – елимиз тыныш, мәҳәлле абат болса – пүткил мәмлекетимиз абат болады.

Шөлкемлестириў мәжилисинде Сағындық Турганбаевич Турманов – Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасыныӊ баслығы лаўазымына тайынланды.

Илажға Президент Администрациясының жуўаплы  хызметкери Н.Нарматов қатнасты ҳәм шығып сөйледи.

Қарақалпақстан хабар агентлиги