Таңлаўдың бес тийкарғы бағдарлары бойынша төмендеги командалар жеңисти қолға киргизди. Тийкарынан:

Жасалма интеллект технологиялары бағдары. «Tahrirchi» — өзбек тилинде жазыўды аңсатластырыўға мөлшерленген жойбар. Бағдарлама өзбек тилиндеги текстлердеги орфография, контекстуал, стилистикалық ҳәм грамматикалық қәтелерди тексереди.

Социаллық тараўда санлы технологиялар. «Mentalaba» — студентлерге Жоқары оқыў орынларын табыў, үйрениў ҳәм салыстырыўда өзлери ушын ең жақсы мектепти анықлаўда жәрдем беретуғын жойбар.

Мәлимлеме ҳәм киберқәўипсизлик технологиялары. «ALATOR» — жеке меншик ҳәм мәмлекетлик секторлар тәрепинен ислеп шығарылған мәлимлеме системалары ҳәм ресурсларында анықланған киберқәўиплер, киберҳүжимлер ҳәм басқа зыянлы жумысларды анықлаў ҳәм алдын алыў имканиятын бериўши жойбар.

Исбилерменлик ҳәм қаржы технологиялары бағдары. «Yemak» — азық-аўқат жеткерип бериў хызмети.

Компьютер ҳәм мобиль ойын бағдарламалары. «AirPilot» — виртуал ҳәм реал өмир шараятында ҳаўа ҳәрекетин басқарыўдың түрли қуралларын басқарыў ҳәм олар менен танысыў қәбилетине ийе болған жасларда аэродинамика ҳәм аэрокосмослық технологияларға қызығыўшылықты оятатуғын мобиль ойын.

Ҳәр бир бағдар бойынша жеңимпазлар 100 мың доллар, екинши орынды алған командалар 50 мың доллар ҳәм үшинши орын ийелери болса 30 мың долларға ийе болды.

Еслетип өтемиз, өткен жылы Президентимиз Шавкат Мирзиёев IT тараўында жас қәбилетлилерди анықлаў бойынша президент таңлаўын өткериў басламасын қоллап-қуўатлаған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги