24-май күни «Китап оқыў мәдениятын раўажландырыў – уллы мақсетлеримизге ерисиўдиң әҳмийетли кепиллиги есапланады» сүрени астында Республикалық «Китап байрамы» өз жумысын баслады.

Президентимиздиң «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыўды ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў және үгит-нәсиятлаў бойынша комплексли илажлар бағдарламасы ҳаққында»ғы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилген илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, жазыўшылар менен шайырлар, жаслар қатнасты.

«Китап байрамы»ның ашылыў мәресими пайтахтымыздағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында болып өтти. Бул социаллық, руўхый-ағартыўшылық илаж Қарақалпақстан Республикасы Баспасөз ҳәм хабар агентлиги тәрепинен бир қатар министрлик ҳәм ведомстволар, жәмийетлик шөлкемлер менен бирликте өткерилди.

Дем алыў орайында китаплардың көргизбеси ҳәм китап саўда-ярмаркасы шөлкемлестирилди. Онда республикамыздағы баспаханаларда жарық көрген, мәлимлеме ресурс-орайлары тәрепинен алып келинген көркем-әдебий, сиясий, илимий-ғалабалық әдебиятлар, сабақлық ҳәм қолланбалар халық итибарына усынылды.  Балалар китапханасының оқыў залында Республикалық қуўыршақ театры тәрепинен таярланған бағдарламалар қойылып, ертек қаҳарманлары оқыўшы-балаларды жазғы дем алыста китап оқыўға шақырды. Илаж шеңберинде жас художниклердиң шығармаларының, Өзбекстан сүўретшилик ҳәм көркем-өнер академиясының көргизбеси шөлкемлестирилди.

-Китап өмир деп аталған ушан теңиздиң қыстаўлы толқынларына төтепки бериўде қанат бағышлайтуғын руўхыйлықтың кемеси болып табылады, -дейди Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты  студенти, институттың китапқумарлар дөгерегиниң ағзасы Айдос Мухаммадияров. – Биринши Президентимиздиң китапқумарлықты арттырыўға қаратылған бийлиги халқымыздың барлық қатламының китапқа, мәнәўиятқа деген көз-қарасын әдеўир өзгертти, деп айта аламыз. Адамлардың санасында китапқа айрықша қатнастың қәлиплесиўи себепли көп ғана байрамлар қатарында китап байрамы да ҳәр жылы дәстүрий белгиленетуғын болды. Китап оқыўшы сыпатында мен ҳәзирги күнде жас дөретиўшилердиң, жазыўшы-шайырларымыздың оқыўшы дийдинен келип шыққан ҳалда жаратып атырған дөретпелери өмиримиздиң ийгилигин арттырыўға хызмет ете бериўине тилеклеспен.

Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамы, «Билим», «Қарақалпақстан» баспалары тәрепинен усынылған жаңа китаплар презентациясы ҳәм республикада жумыс алып барып атырған китапқумарлар дөгереги ағзаларының мушайрасы жыйналғанларда үлкен тәсир қалдырды. Сондай-ақ, «Ең белсенди қатнасыўшы», «Ең жақсы көргизбе» атамасында  китап байрамында белсене қатнасқан баспаханалар, үлгили китап дүканлары, китап көргизбелерин шөлкемлестирген мәкеме ҳәм шөлкемлердиң арасында таңлаў өткерилип, номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды. Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери китап оқыўшылары арасында «Китап бизди бирлестиреди», «Китап оқыўды жақтырасыз ба?» сыяқлы атамаларда викториналар менен социаллық сораўнамалар өткерди.

Байрам еки күн даўам етти.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.