Жаслар форумы шеңберинде Сенатта «Басшы ҳәм жаслар» ашықтан-ашық сөйлесиўи шөлкемлестирилди.

Онда сенаторлар, Жаслар парламентиниң ағзалары, жас депутатлар, белсенди жаслар ҳәм журналистлер қатнасты. Илажда мыңнан аслам жаслар (онлайн ҳәм офлайн түринде) қамтып алынды.

Сөйлесиў даўамында Сенат Баслығы Танзила Норбоева жасларға байланыслы мәмлекетлик сиясат бойынша елимизде алып барылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

Кейинги жыллары жаслар сиясатына байланыслы жүзден аслам нызам ҳәм нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер қабыл етилди. Жаслардың ҳуқықлары менен еркинликлери және де беккемленди ҳәм нызамлы мәплерин қорғаўдың ҳуқықый тийкары жетилистирилди.

– Бул реформалар Жаңа Өзбекстанда жаслар мәселеси түп мәнисте мәмлекетлик сиясатқа айланғанынан дәрек береди, – деди Т.Норбоева. – Мәмлекетимизде 30 жасқа шекемги жаслар 19 миллионнан аслам болып, жәми халықтың 60 процентине шамаласын қурайды. Бундай көрсеткиш ҳәр қандай раўажланған ҳәм раўажланып атырған мәмлекет ушын шексиз байлық дәреги есапланады. Президентимиздиң басламасы менен барлық бағдарлар, соның ишинде, билимлендириў, исбилерменлик, социаллық жәрдем ҳәм басқа да тараўларда жасларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мәселеси жаңа дәрежеге алып шығылды.

Жоқары билимлендириўге қамтып алыў кейинги 6 жылда 4 есеге артты (9 проценте 38 процентке). 151 мың студентке 1,7 сум жеңиллетилген тәлим кредити берилди.

Жаслардың бәнтлигин тәмийинлеў, олардың машқалаларын шешиўге қаратылған пүткиллей жаңа система – «Жаслар дәптери» енгизилди. Усы жылдың өзинде 282 мың жасларға 416 миллиард сум муғдарында жәрдем көрсетилди. Республика бойынша жаслардың 124 мыңы кәсип өнерге, 133,8 мыңы исбилерменликке оқытылды.

Жаслар исбилерменлигин кредитлеўдиң жаңа системасы жолға қойылып, 253 мың 789 ул-қызға 6,2 триллион сум муғдарында жеңиллетилген кредитлер ажыратылды.

Усындай әмелий жумыслар нәтийжесинде 30 жасқа шекемги исбилерменлер 8 есеге көбейип, олардың саны 750 мыңнан артты. Жасларымыз да жаратылған бул имканиятлардан үнемли пайдаланып, жәмийетте өзин толық көрсетпекте.

Мәмлекетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған қәбилетли, пидәкер жаслардың 758 и түрли мәмлекетлик сыйлықларға ийе болған.

Сенат Баслығы сөйлесиў даўамында жаслардың айырым мәселелерге айрықша итибар қаратыўы керек екенине тоқтады.

Атап айтқанда, жергиликли кеңеслер ҳәм парламентте көрип шығылып атырған нызамлар бойынша жаслар арасында жәмийетлик додалаўларды шөлкемлестириў, жаслар өзлериниң әҳмийетли мәселелери бойынша пикирлери, идеялары ҳәм усынысларын Жаслар парламентиндеги ўәкиллери арқалы Сенатқа және оның комитетлерине жеткерип барыўы зәрүр. Жаслар сиясаты тараўындағы халықаралық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, сырт мәмлекетлердиң жаслары менен байланыслар орнатыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў, сондай-ақ, жас депутатлардың салмағын арттырып барыў мақсетке муўапық.

Сөйлесиўде илаж қатнасыўшылары шығып сөйлеп, нәтийжели жумыслар ҳәм оның жаслар турмысындағы орны ҳаққында пикир билдирди. Сондай-ақ, Сенат пенен өз-ара бирге ислеп барыў ҳәм турақлы байланыста болыў бойынша бир қатар усыныслар алға қойылды.

Н.Абдураимова, ӨзА