Қанлыкөл районындағы орайлық емлеўханада ӨзЛиДеП тиң районлық Кеңеси  тәрепинен «Саламат шаңарақ–беккем шаңарақ» жойбары тийкарында  «Онкологияның келип шығыў себеплери ҳәм оның алдын алыў жоллары» атамасында илаж болып өтти.

Онда емлеўхана онкологи Тазахан Жумамуратова, онкогинеколог шыпакер Салима Абдиреймова ҳәм Мәденият мәкан пуқаралар жыйынында жасаўшы ҳаял-қызлар қатнасты.

Илажда шыпакерлер тәрепинен елимизде медицина тараўын еле де раўажландырыў бағдарында алып барылып атырған жумыслар, әсиресе, «Өзбекстан – 2030» стратегиясында барлық тараўлар сыяқлы медицина тараўын және де раўажландырыўға қаратылған ўазыйпалар туўралы мағлыўматлар берилди.

Соның ишинде, ҳаял-қызларымыздың денсаўлығын беккемлеў бағдарында белгилеп берилген баслы ўазыйпаларға тоқтап өтип, онкологиялық кеселликлердиң алдын алыў, оның келип шығыў себеплерин ерте анықлаўда көбирек нелерге итибар қаратыў кереклиги бойынша шыпакерлеримиз өз мәсләҳәтлерин берип өтти.

Илаж даўамында мәҳәлле ҳаял-қызлары медициналық тексериўден өткерилди ҳәм өзлерин қызықтырған сораўға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.