Қатар – Өзбекстан биргеликтеги исбилерменлер мәселеси талқыланды
Қатар баспасөз агентлиги – «QNA» Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратовтың Қатар Палатасы Директорлар кеңеси ағзасы Муҳаммад бин Аҳмад Ал-Обайдлий менен ушырасыўы ҳаққында жазды.
Мақалада Қатар – Өзбекстан исбилерменлер кеңесин шөлкемлестириўди муўапықластырыў мәселеси, саўда-экономикалық қатнасықтың ҳәзирги жағдайы талқыланып, қаржы орталығы, бар имканият, өз ара қаржыны кеңейтиў жоллары көрип шығылды.
Лазиз Қудратов мәмлекетимиздеги инвестиция орталығы, соңғы жылларда экономикамызда бақланып атырған унамлы өзгерислер менен таныстырды, келешекте дүньяның түрли мәмлекетлеринен көплеген ири компаниялар Өзбекстанға келип, ҳәр қыйлы тараўларға қаржы киргизе баслағанын айырықша атап өтти. Сондай-ақ, үлкемиздиң өзгеше географиялық жайласыўына итибар қаратып, мәмлекетимизди Азия ҳәм Европа базарларына шығыў дәрўазасына айландырыў имканиятын есапқа алып, қатарлы исбилерменлер бирге ислесиўге умтылатуғынын атап өтти.
Өз гезегинде Муҳаммад Ал-Обайдлий еки мәмлекеттиң қатнасығын жоқары баҳалап, қатарлы исбилерменлер де Өзбекстандағы қаржы орталығы, бар имканиятлар ҳаққында хабардар екенин билдирди. Әсиресе, көшпес мүлк, мийманхана бизнеси, технология, мәлимлеме алмасыў, туризм, инфрасистема, азық-аўқат қәўипсизлиги тараўларында инвесторларға усынылып атырған жеңиллеклерди айтып өтти. Сондай-ақ, палата исбилерменлерди Өзбекстанға қаржы киргизиўге шақырғанын, еки мәмлекет меншик секторы шериклигин қоллап-қуўатлайтуғынын, өз ара саўданы раўажландырыўға қаратылған биргеликтеги жойбарларды хошаметлейтуғынын атап өтти.
Муҳаррама Пирматова,
ӨзА