Елимиз бойлап өткерилип атырған «Меҳир ҳәрекети» шеңбериндеги илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Ш.Өтемисов ҳәм Қоңырат районы ҳәкими Б.Мадаминовлар ҳәзирги қыстың аязлы күнлеринде қыйын жағдайға түсип қалған Қоңырат районындағы Жиңишке МПЖ турғыны Аққанша Қудайбергенованың шаңарағынан хабар алды.

Себеби, бул шаңарақта өрт келип шығып, аяқ астынан келип шыққан жаўдан неше жыллар даўамында мысқаллап жыйналған мал-дүнья күлге айланған еди.

– Халқымызда «От бәлесинен, суў бәлесинен, жала бәлесинен сақлағайсаң», деген даналық гәп бар. Бул тилсиз жаў бизди де қақаман суўық, деп аяп отырмады. Бирақ, шаңарақ ағзаларымыздың  аманат жанлары аман қалғанына шүкиршилигимиз көп,-дейди А.Қудайбергенова.

Халқымыз әзелден мүсийбет түскен шаңараққа дәрҳал жәрдем қолын созып келген.

Шаңараққа азық-аўқат ҳәм басқа да зәрүр буйымлар тапсырылып, район ҳәкими шаңарақтың әдеттеги турмыс тәризине қайтыўы ушын барлық имканиятлар иске жаратылатуғынлығын атап өтти.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.