Парламенттиң төменги палатасының мәжилисинде “Өзбекстан Республикасы Салық кодексиниң 378-статьясына профессионал ҳәм жоқары билим алыўды және де хошаметлеўге қаратылған өзгерис киргизиў ҳаққында”ғы нызам жойбары қызғын додаланды.

– Бул нызам жойбарына бола, ата-аналарға перзентлериниң жасына қарамастан, олардың билим алыўы ушын бағдарланған төлемлерге салық жеңилликлеринен пайдаланыў имканияты берилмекте, – деди Экономика ҳәм қаржы министриниң орынбасары Аҳадбек Ҳайдаров. – Бизге белгили, әмелдеги нызамшылықта шегара қойылған. Яғный, ата-аналар жоқары оқыў орынлары яки мәмлекетлик емес мектеп ҳәм бақшаларда  оқыйтуғын перзентлерге билимлендириў төлемлерин өзиниң айлық мийнет ҳақыларынан төлеп берсе, 12 процент дәрамат салығын қайтарып алыўы мүмкин.Бул тәртип өзи ислеп, өз контрактин төлеген студентлер ҳәм өмирлик жолдасы ушын контракт төлегенлерге де әмел етеди. Бирақ, ата-аналар бунда 26 жасқа толмаған  перзентлери ушын ғана төлем әмелге асырған болыўы керек еди. Бул нызам жойбары менен бул шегара алып тасланбақта. Яғный, ата-аналар перзентлериниң жасына қарамастан өз мийнет ҳақысынан контракт төлемин төлеп бергени ушын дәрамат салығынан төленген сумма шығарып тасланады. Бул жасларымыздың профессионал ҳәм жоқары билим алыў имканиятларын және де кеңейтиўге хызмет етеди.

Додалаўларда сөзге шыққан депутатлар нызам жойбары бойынша пикир- усынысларын билдирди ҳәм нызам жойбары қабылланды.

Муҳтарама Комилова, ӨзА