Өзбекстан избе-из, конструктив ҳәм тең салмақлы сиясаты себепли дүньяның көплеген мәмлекетлери менен исеним ҳәм өз-ара түсиник тийкарында бирге ислесиўди беккемлеп келмекте.

«Раўажланыў стратегиясы» орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков ҳәм Чехия Республикасының Өзбекстандағы елшиси Любомир Фреборттың қатнасыўында ушырасыў болып өтти.

Елши Любомир Фреборт Өзбекстанда бақланып атырған өзгерислер ҳәм реформаларды дыққат пенен бақлап баратуғынын билдирип, Өзбекстан – Чехия қатнасықларын және де жеделлестириўге өз үлесин қосыўға таяр екенлигин билдирди.

«Раўажланыў стратегиясы» орайының мағлыўматына бола, ушырасыўда тәреплер «Өзбекстан-2030» стратегиясы шеңберинде мәмлекетте алып барылып атырған реформалар ҳәм әҳмийетли мәселелер бойынша пикир алысып, келешекте өз-ара пайдалы тараўларда бирге ислесиўди жолға қойыўға келисип алды.

Абдулазиз РУСТАМОВ, ӨзА