Елимиздиң улыўма пайдаланыўдағы электр энергиясының 85 процентин ислеп шығарыўшы “Ыссылық электр станциялары” кәрханаларында ҳаўа райының суўық күнлеринде жумыслар күшейтилген режимде шөлкемлестирилмекте.
– Атап айтқанда, ҳаўа-райының суўық күнлеринде күни-түни 24 саат даўамында ислейтуғын арнаўлы штаб, қыс мәўсимин шығынсыз өткериў мақсетинде жумыслар еки есе арттырылған ҳалда шөлкемлестирилмекте, – дейди “Тақыятас ыссылық электр станциясы” акционерлик жәмийети техникалық өндирис бөлиминиң баслығы Юнус Бажанов. – Атап айтқанда, штаб ағзалары тәрепинен энергоблоклардың турақлылығын ҳәм үскенелердиң бир нормада авариясыз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде кең көлемли жумыслар орынланбақта.
Ҳәзирги ўақытта қәнигелер тәрепинен өндиристиң турақлылығына ерисиў, жүзеге келиўи мүмкин болған техникалық-авариялық жағдайлардың алдын алыў, энергоүскенелердиң нуқсансыз ислеўин тәмийинлеў мақсетинде энергоқурылмаларда үзликсиз техникалық тексериўлер өткерилмекте. Кәрханада гүзги-қысқы мәўсимге таярлық жумысларының барысында тийкарғы ҳәм жәрдемши үскенелердиң турақлы ислеўи бойынша комплексли илажлар режеси ислеп шығылған болып, жумыслар белгиленген кесте тийкарында алып барылды. Усының нәтийжесинде гүзги-қысқы мәўсимде халық ҳәм санаат кәрханалары үзликсиз ҳәм исенимли электр энергиясы менен тәмийинленбекте.
Сондай-ақ, ҳаўа-райы кескин суўытатуғын күнлерде станцияның бас басқарыў щитинде электр энергиясына болған талап ҳәм усыныслардан келип шығып, ҳәр саатлық режимди қәлиплестириў, техникалық-экономикалық жақтан ең қолайлы режимлерде ислеўди тәмийинлеў, авариялық жағдайлардың жүзеге келиўиниң алдын алыў, оларды сапластырыў ҳәм системаның қайта исенимлилигин тиклеўге қаратылған илажлардың избе-излиги белгилеп алынды. Ҳәзирги ўақытта кәрханада ислеп шығарылған электр энергиясы республикамызға, сондай-ақ Хорезм ҳәм Наўайы ўәлаятларына жеткерип берилмекте. Кәрхана өниминиң пайдаланыўшылары халық пенен бир қатарда юридикалық тәреплер, бизнес субъектлери болып есапланады.
Электр станцияның усы жыл январь-октябрь айлары ушын электр энергиясын ислеп шығарыў режеси 3,5 млрд.кВт.саат болып, әмелде 3,85 млрд. кВт.саат электр энергиясы ислеп шығарылып, 110 процентке орынланды. Ҳәзир кәрханада күнине орташа 14 млн.кВт.саат электр энергиясы ислеп шығарылмақта. Кәрхананың энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия үнемлеўши технологияларды енгизиў ҳәм қайта тиклениўши энергия дәреклерин раўажландырыў бойынша сезилерли жумыслар әмелге асырылмақта.
Акционерлик жәмийет объектлеринде усы күнге шекем жәми қуўатлылығы 1056 кВт болған қуяш фотоэлектр станциялары иске қосылды. Олар арқалы 505,4 мың.кВт.саат электр энергиясы ислеп шығарылды ҳәм 54,1 мың.м3 тәбийғый газ үнемленди. Сондай-ақ, 250 дана қуўатлылығы 90 Вт, 130 дана қуўатлылығы 150 Вт болған жәми 380 дана автоном қуяш жарытқышлары станцияның сыртқы жақтыландырыў системасына орнатылды. Усы күнге шекем автоном қуяш жарытқышларын орнатыў есабынан 60 480,00 кВт*саат электр энергиясы ҳәм 6410 м3 тәбийғый газ үнемлениўине ерисилди.
Жәми қуяш фотоэлектр станциялары, частота өзгертиўши қурылмалар, ҳәрекет датчиклери ҳәм автоном қуяш жарытқышларын орнатыў есабынан 1460448,56 кВт*саат электр энергиясы, 154859,7 м3 тәбийғый газ үнемленди. Усы жылдың ақырына шекем және 435 кВт қуўатлылықтағы қуяш фотоэлектр станциясының орнатылыўы режелестирилген. Усы станция иске түскеннен кейин жылына 1 060,0 мың.кВт*саат электр энергиясы ислеп шығарылыўына ерисиледи ҳәм өз гезегинде жылына 112,4 мың.м3 тәбийғый газ үнемленеди. Жоқарыда атап өтилген жумыслар толық орынланғаннан кейин станцияда жылына 1 625,9 мың.кВт*саат электр энергиясы ҳәм 172,4 мың.м3 тәбийғый газ үнемлеп қалыныўына ерисиледи.
Кәрханада өндиристиң турақлылығын тәмийинлеў менен бир қатарда, қәўипсизлик мәселелерине де айрықша итибар қаратылған. Атап айтқанда, республикамызда өтип атырған “Өрт қәўипсизлиги айлығы” даўамында өртлердиң алдын алыў, өрт келип шығыў себеплерине қарсы өз ўақтында тийисли илажлар әмелге асырылмақта. Илаж даўамында 28-өрт-қутқарыў бөлиминиң жуўапкер хызметкерлери менен биргеликте әмелий шынығыўлар өткерилди. Арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўлары даўамында шәртли түрде өртти өшириў ҳәм жәбирленгенлерге биринши медициналық тез жәрдем көрсетиў бойынша әмелий ҳәрекетлер әмелге асырылды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.