Газа ҳүкимети мәлимлеме хызметиниң хабарына бола, 11-декабрь күни Газаға шөлкемлестирилген ҳаўа ҳүжиминде және еки журналист апатшылыққа ушырады.
Баянатта 7-октябрьден қоршаўдағы аймақта өмирден көз жумған журналистлер саны 86ға жеткени билдирилген.
“Палестиналы журналистлердиң өлтирилиўи тарийхты, ҳақыйқатты жасырыў мақсети менен байланыслы”, –делинеди есабатта. Қайтыс болған журналистлердиң шахсы ҳаққында ҳеш қандай мағлыўмат берилмеген.
ӨзА