Қатар Әмирлиги Бас министри Шайх Муҳаммад бин Абдурраҳмон бин Жассим Ол Соний “Доха Форум-2023”те қатнасып атырған Өзбекстан Республикасының сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидовти қабыллады. Бул ҳаққында усы мәмлекеттиң мәлимлеме агентлиги – “QNA” мәлим етти.

Басылым сәўбет барысында еки тәреплеме бирге ислесиўди қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыўдың жоллары көрип шығылғанын жазған.

2003-жылдан берли ҳәр жылы өткерилип киятырған “Доха Форум-2023” глобал сөйлесиў платформасы сиясат жетекшилерин дүнья алдында турған әҳмийетли машқалаларды додалаў, инновация ҳәм ҳәрекетке бағдарланған тармақларды раўажландырыўға үлес қосыў ушын бирлестирген. “Дипломатия, байланыс, ҳәр түрлилик” сүрени астында шөлкемлестирген бул ретки илаж ҳәрекетке бағдарланған усынысларды ислеп шығыў бойынша пикир алысыў ҳәм усыныслар билдириўге жәрдемлеседи.

Муҳаррама Пирматова, ӨзА