Әзербайжанда 2024-жыл 7-февральда гезексиз президент сайлаўы болып өтеди, делинген мәмлекет басшысы Илҳам Алиевтиң бийлигинде.

– Әзербайжан  Президенти Илҳам Алиев 7-декабрьде мәмдекет басшылығы ушын гезексиз сайлаў өткериў ҳаққындағы бийликке қол қойды,-делинеди мәмлекет басшысының сайтында жәрияланған хабарда. – Ҳүжжетке бола, Орайлық сайлаў комиссиясына республика сайлаў кодексинде орнатылған тәртипте 2024-жыл 7-февральда гезексиз президент сайлаўын өткериўди тәмийинлеў тапсырмасы берилди.

20 жылдан берли мәмлекетке жетекшилик етип киятырған Илҳам Алиев және президентликке талабанлығын көрсетиўи мүмкин. Әзербайжанда гезектеги жоқары дәрежедеги сайлаў 2025-жылы болып өтиўи керек еди. Хабарда мүддет көширилиўиниң себеби көрсетилмеген.

2016-жылы өткерилген референдум нәтийжесине бола, мәмлекетте президент сайлаўы ҳәр 7 жылда болып өтетуғыны белгиленген. Бул өзгеристен кейин, яғный 2018-жыл апрельде Илҳам Алиев Әзербайжан президенти етип сайланған.

Мәмлекет конституциясында президент сайлаўында қатнасыў ушын шеклеў жоқ, соның ушын Алиев мәмлекеттиң жоқары лаўазымына және талабанлығын көрсетиўи мүмкин.

Илҳам Алиевтиң басқарыўында, яғный 2023-жылы Әзербайжан Қарабақты қайтарып алып, өзиниң аймақлық пүтинлигин тикледи.

ӨзА