Бирлескен Араб Әмирликлери мәлимлеме агентлиги – “WAM” бетинде “COP28. Сақр Ғобаш ҳәм Өзбекстан сенаты баслығы парламентлераралық қатнасықты беккемлеў жолларын талқылады” атамасындағы мақала жәрияланды.
Мақалада БМШ климат өзгериўи бойынша конференциясы шеңбериндеги парламент сессиясында қатнасыў ушын Дубай қаласында болып турған Олий Мажлис Сенаты Баслығы Танзила Норбоева басшылығындағы делегацияның БАӘ Федерал миллий кеңеси баслығы Сақр Ғобаш пенен сөйлесиўи толық көрсетилген.
Кейинги жыллара Өзбекстан ҳәм БАӘ арасындағы көп тәреплемели бирге ислесиў жаңа басқышқа көтерилгени, парламентлераралық байланыс та избе-излик пенен даўам етип атырғаны айрықша атап өтилди.
Автор бирге ислесиўдиң кең шеңбери, атап айтқанда, сиясат, саўда-экономика, климат өзгериўи ақыбетлерин сапластырыў тараўларында, әсиресе, парламентлераралық байланысты кеңейтиў зәрүрлигине тоқталған.
Өзбекстанда жумыс алып барып атырған БАӘ инвестициясы қатнасындағы кәрханалар саны 5 жылда 2,5 есеге артқаны, “жасыл” энергетика, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, туризм инфраструктурасы сыяқлы бағдарларды қамтып алған инвестиция жойбарларының көлеми 4 миллиард доллардан асламды қурап атырғаны атап өтилген.
Өзбекстан ҳәм БАӘ парламентлери арасындағы қатнасықтың избе-излигин тәмийинлеў, атап айтқанда, нызам дөретиўшилиги ҳәм парламент қадағалаўы бағдарларында бирге ислесиўди жолға қойыў бойынша пикир алысылғаны тән алынып, жоқары дәрежеде ерисилген келисимлер тийкарында қабылланған “жол карталары”нда белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы үстинен системалы парламентлик қадағалаўды орнатыў, “халық дипломатиясы”ның әҳмийетли тәрепи есапланған “дослық топарлары”ның жумысын жанландырыў керек екенлиги атап өтилген.
Муҳаррама Пирматова, ӨзА