Өтип атырған ҳәр бир күн халқымызды 2024-жылы Париж қаласында болып өтетуғын жазғы Олимпиада ойынларына қарай жақынластырмақта.

Бүгинги күнге келип мәмлекетимиздиң жигирмаға шамалас спортшысы Париж-2024 Олимпиадасы жолламасын қолға киргизиўге миясар болды. Ал, бир қатар спорт түрлери бойынша болса, Олимпиадаға лицензия бериўши жарыслар болып өтпекте.

Солардың қатарында қылышласыў спорты бойынша Өзбекстан сайланды командасы ағзалары да Франция ҳәм Сербияда болып өтиўши жарысларға қатнасыў ушын елимизден жөнеп кетти.

Атап айтатуғын болсақ, ерлер арасында Муса Аймуратов ҳәм Шерзад Мамутов, қызлар арасында Зайнаб Дайыбекова 7-10-декабрь күнлери Францияның Орлеан қаласында қылышласыўдың сабля бағдары бойынша Гран-при турнирине қатнасса, Умида Илёсова  8-9-декабрь күнлери Сербияның Нови-Сад қаласында  рапира бойынша өткерилетуғын жәҳән кубоги басқышы жарысларында беллесиўлер өткереди.

Соны айтып өтиўимиз керек, бул еки турнир де Париж-2024 Олимпиадасы ушын рейтинг упайларын жыйнаўына имканият береди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.