Өзбекстанда усы жыл 9 ай даўамында аналар өлими көрсеткиши 100 мың тири туўылыўға салыстырғанда 14,1 промиллиди қурады. Бул көрсеткиш 2022-жылдың усы дәўиринде 13,1 промиллиге тең болған. Бул ҳаққында Денсаўлықты сақлаў министрлиги хабар берди.

Мағлыўматларға қарағанда, туўыў жасындағы 7,7 млн  (84 процент)  ҳаяллар медициналық тексериўден өткерилип, бүгинги күнде 3,4 млн ҳаялларда экстрагенитал кеселликлер анықланған. Олардың 300 мыңы (11 проценти) стационар, 2,4 миллионы амбулатор шараятта емленген. Республикада өткен 9 ай даўамында 716 мың 880 бала туўылған. Бул 2022-жылдың сәйкес дәўирине (681,7 мың) салыстырғанда 35 мыңға (5,2 процент) көп. Атап айтқанда, Қарақалпақстанда — 13 промиллиден 24,7 промиллиге өскен.  Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Асқаров аналар ҳам балалар денсаўлығы көрсеткишлери ҳаққында мағлыўмат берди.

 

Аналар өлими дегенимиз не?

Аналар өлими (ingl. Maternal mortality) – Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына бола, күтилмегенде пайда болған себеплер ямаса бахытсыз ҳәдийселерден емес, ал ҳәмиледарлық ўақтында басланатуғын яки ол тамамланғаннан кейинги 42 күн ишинде, ҳәмтледарлықтың даўам етиў ўақты ҳәм жуўмақланғанына қарамастан, ҳәмиледарлық пенен байланыслы болған көринис болып оған тийисли ҳәр қандай себеплерге көре жүз берген ҳаялдың өлими болып табылады.

Аналар өлими көрсеткиши аналардың өлим жағдайлары санының ҳәр 100 мың тири туўылған репродуктивлик жастағы ҳаялларға салыстырғанда тең есапланады.

 

Туўыў интригал аралығы 3 жылдан 5 жылға шекем болыўы керек

 – Жәҳән Денсаўлықты сақлаў шөлкеми тәрепинен туўыў интригал аралығы 3 жылдан 5 жыл болыўы керек. Яғный, биринши яки екинши перзенттен соң олардың аралығы кеминде 3-4 жыл болады. Сондай-ақ, 20-35 жас оптимал туўыў жасы есапланады. Деген менен, туўыўшылық бағдарындағы статистикамызды алып қарайтуғын болсақ, 35 жастан жоқары 35тен 44 жасқа шекем яки 44 жастан жоқары аналар дизимге алынады. Бизлер буны кеш туўыўшылық деймиз. Соның менен бир қатарда, 5-6- туўыўшылық жағдайлары кең түрде ушырасып турады. Бундай дәўирде ана ҳәм бала саламатлығында ҳәр тәреплеме аўыр өзгерислер болыўы мүмкин. Ал дүнья жүзиниң әмелятын алып қарайтуғын болсақ, нәсил даўам етиўи ушын бир шаңарақта еки перзент, көбейтиў ушын үш перзент болыўы тийис ҳәм бул максимум есапланады. Биз халық пенен ислескен ўақытта көбирек мүрәжатлар аналардан келип түседи. Яғный өмирлик жолдасы менен ажырасқан, қолында үш-төрт баласы бар. Оларды бағыўға қыйналады яки өзиниң денсаўлығы төмен болыўына қарамастан ҳәмиледар болған сыяқлы жағдайлар көп ушырасады. Бул неден дерек береди?!… Ҳәзирги күнде айырым жаслар арасында шаңараққа жуўапкершилик пенен қараў жоқ.  Ер жеткеннен соң еки тәрепте бәринен бурын денсаўлығына итибарлы болыўы керек ҳәм саламат турмыс тәризине әмел елиўи тийис”, – дейди Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары А.Асқаров.

 

Қарақалпақстанда 10 ай даўамында ана ҳәм бала өлими 24,9 промиллиге көтерилген

Бүгинги күнде республика бойынша дерлик барлық аймақларда денсаўлықты сақлаў мәкемелери жумыс ислемекте. Мағлыўматларға қарағанда, Қарақалпақстанда 10 ай даўамында ана ҳәм бала өлими 24,9 промиллиге көтерилген. Бул әлбетте ойландыратуғын статистика есапланады. Республикамызда ҳәмиледар ҳаялларда ушырасатуғын кеселликлер кем қанлық, басланғыш кеселликлер, туберкулёз, зоб ҳәм онкологиялық кеселликлер  болып табылады.

               

Аймақлар кесими бойынша ҳәмиледар ҳаялларда ушрасатуғын кеселликлер:

Онкологиялық кеселликлер – Шымбай, Кегейли ҳәм Нөкис  районларында;

Басланғыш кеселликлер – Қоңырат, Қанлыкөл районларында;

Туберкулёз кеселлиги – Қанлыкөл, Бозатаў ҳәм Нөкис районларында;

Зоб кеселлиги – Қараөзек районында басқа аймақларға салыстырғанда жоқары.

 

Көпшилик жағдайларда ҳәмиледарлық дәўиринде организм алдынғы дәўирге қарағанда ҳәлсиз ҳәм күшсиз болады. Сол ушын да олар жуқпалы кеселликлерди тез қабыл етеди. Мәселен, әпиўайы гриппти алып қарасақ. Үй шараятында да өзине жақсы күтим берип қараса кеселлик ҳәўиж алмаўы мүмкин. Лекин керисинше болса бул аўыр жағдайларға алып келеди. Әне сол ушын да  шаңарақ ағзалары ана ҳәм баланың денсаўлығына итибарлы болыўы, “келинлик” образын ҳәм жуўапкершиликлерин мойнына арттыра бермей бир емес еки инсанның денсаўлығын ҳәм өмирин сақлап қалыўы керек.

Соны да айтып өтиўмиз керек, ҳәмиледар ҳаялдың денсаўлығы жақсы екенлигин, ўақтында витаминлерди жеп атырғанлығын тек ғана аймақлық пункттеги шыпакер емес, дәслеп шаңарақ ағзалары, ата-енеси билиўи ҳәм бақлап барыўы керек. Жәмийетимизде усындай көз қарасты  қәлиплестирсек ғана биз ана ҳәм баланың денсаўлығын ҳәм өмирин сақлап қаламыз.

Айзада Амангелдиева

ҚМУ Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факльтет студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги