Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында теннис бойынша W100 категориясына кириўши турнир болып өтпекте. Улыўма сыйлық муғдары 100 000 АҚШ долларын қурайтуғын бул жарыста өзбекстанлы Нигина Абдураимова да табыслы қатнасып атыр.

Атап айтатуғын болсақ, елимиздиң биринши ракеткасы дәслепки айланымда германиялы тәжирийбели теннисши Сабин Лисицкиди 6/3, 6/4 есабында жеңип шығыўға миясар болды.

Ал, бүгин болса, Нигина 1/8 финал ушырасыўында россиялы Екатерина Макарованы да үш сетте 6/0, 2/6, 6/2 есапларында жеңип, турнирдиң шерек финалына жолламаны қолға киргизди.

Соны айтып өтиўимиз керек, Абдураимова ҳәзирги ўақытта WTA рейтингинде 245, Макарова болса 188-орынды ийелеп тур.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.