Қазақстандағы академик Н.Д.Батпенов атындағы травматология ҳәм ортопедия илимий-әмелий орайының шыпакерлери Россиялы биоинженерлер менен бирге робот-ассистент жәрдеминде буўынды алмастырыў бойынша бес қыйын медициналық операция өткерди, деп жазды «Қазақстан ҳақыйқаты».
Шыпакерлердиң айтыўынша, наўқаслар артроздың соңғы басқышында пайда болатуғын ҳәрекетлениў қыйын, ҳәттеки имканиятсыз болған буўындағы аўырыў ҳәм зорығыўдан қыйналған.
Бул операциялар ушын арнаўлы түрде Америкада ислеп шығарылған, сийрек ушырасатуғын роботластырылған система алып келинди. Зыянланған ағзаны 3D сканерлеў арқалы робот хирург пенен бирге барлық парамертлерди математикалық анықлықта есаплап, жасалма ағза орнатты.
– Робот техникасы жасалма ағзаны белгили мүйеш астында орнатыў ушын зәрүр болған нуқсансыз кесиўди әмелге асыра алады, – дейди эндопротезлеў бөлиминиң баслығы, медицина илимлериниң кандидаты Қайрат Ашимов. – Имплант қурамалы орнатылғанда операция ўақтында зыянланыў ҳәм қалдық раўажланыў қәўпи азаяды, аўырыў тез өтип кетеди, буўындағы ҳәрекет амплитудасы артады. Бул процесс наўқаста аўырыў сезиўди азайтыў ҳәм таяныш-ҳәрекет системасы қәбилетиниң тиклениў мүддетин қысқартыўға жәрдем береди.
Эндопротезлеў буўынды жасалма имплантқа алмастырыў бойынша дүнья жүзинде ең көп тарқалған операциялардан бири болып есапланады.
Азиза Ҳалимова, ӨзА