Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстан мәмлекетлик консерваториясы Нөкис филиалы менен биргеликте Әжинияз Қосыбай улының 200 жыллығына арналған «Ренессанс ҳәм жаслар» атамасындағы концерт бағдарламасы болып өтти.
Илажда институт ректоры ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Қ.Қодиров ҳәм консерваторияның Нөкис филиалы директоры Р.Алланбаевлар шығып сөйлеп, қарақалпақ әдебиятының классикалық шайыры Әжинияз Қосыбай улының шығыс халықлары мәденияты ҳәм әдебиятын, халықлар арасындағы дослық қатнасықларды раўажландырыўда, соның менен бирге, жас әўладты ўатан сүйиўшилик ҳәм халықшыллық руўхында тәрбиялаўда үлкен үлеси бар екенлигин атап өтти.
Оның тәкирарланбас әдебий мийрасын халқымыз арасында еле де кеңнен ен жайдырыў мақсетинде әмелге асырылып атырған жумыслардың әҳмийети ҳаққында мағлыўматлар берилди.
Атап өтиў орынлы, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң қарары тийкарында 2024-жылы Әжинияз Қосыбай улы туўылғанының 200 жыллығы республикамыз көлеминде кең түрде белгилениўи режелестирилмекте.
Концерт бағдарламасында «Шуҳрат» медалының ийеси, Қарақалпақстанға мийнети сиңген жаслар устазы, профессор Ҳикмат Ражабов басшылығындағы филиалдың халық сазлары оркестри тәрепинен Әжинияз шайырдың қәлеминен дөрелген қосықлар атқарылды.
Тамашагөйлер «Бозатаў», «Бир жанан», «Гөззаллар», «Аман ба?», «Бир пәрий», «Келип кет», «Еллерим барды», «Көзлерим», «Жақсы» сыяқлы жанлы атқарыўдағы қосықларды тыңлап, мәдений дем алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.