Кеше футбол бойынша Азия чемпионлар лигасының А топарында 6-тур ойынлары болып өтти.

Бул турда Өзбекстан чемпионы «Пахтакор» Саудия Арабстанының «Ал Файҳа» клубы менен келеси басқышқа шығыў ушын өз-ара күш сынасты.

Кескин өткен ушырасыў жуўмағында, Максим Шацких шәкиртлери «Ал-Файҳа» клубына 1:4 есабында жеңилип қалды ҳәм жарыстың келеси басқышқа шығыў имканиятынан айырылды.

Ал, усы топардағы екинши ойында болса, Түркменстан чемпионы «Аҳал» «Ал-Айн»ға өз майданында 1:2 есабында жеңилип қалды.

Солай етип, А топарында 15 упай топлаған «Ал-Айн» биринши, 9 упай топлаған «Ал-Файҳа» екинши орынды ийелеп, келеси басқышқа жолламаны қолға киргизди.

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.